Өзбекстанлы дзюдошы "Үлкен дубулға" турниринде чемпион болды

    Спорт 24 наурыз 2025 1273

    Өзбекстан сайланды командасы Грузияның Тбилиси қаласында болып өткен дзюдо бойынша "Үлкен Дубулға" жарысын 1 алтын ҳәм 2 бронза медаллары менен жуўмақлады.

    Грузияның Тбилиси қаласында дзюдо бойынша "Үлкен Дубулға" турнири өз жуўмағына жетти. -90 кг салмақ категориясында болып өткен беллесиўлерде өзбекстанлы Умар Бозоров алтын медалды қолға киргизди. Бул ҳаққында Олимпиада комитетиниң Баспасөз хызмети хабар берди.

    Олимпиада ҳәм жәҳән чемпионатының сыйлы орын ийелери жәмленген бул салмақта Бозоров финалда франциялы Алексис Метюден үстин болды.

    Солай етип, Өзбекстан сайланды командасы бул жарысты 1 алтын ҳәм 2 бронза медаллары менен жуўмақлады.

    Еслетип өтемиз, дәслепки күн беллесиўлеринде -66 кг салмақ категориясындағы Азизбек Ортиқов ҳәм Абдураҳим Нутфуллаев бронза медаллары менен сыйлықланған еди.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates