Оған бола, Сыртқы ислер министрлиги 3 ай мүддетте АҚШ пуқаралары ушын Өзбекстанға 30 күнге визасыз кириў режимин енгизиў ҳәм Өзбекстан пуқараларына АҚШқа кириў ушын виза талапларын жеңиллестириў бойынша сөйлесиўлер алып барады.
Сондай-ақ, Россия Федерациясы, Қазақстан ҳәм Әзербайжан пуқаралары ушын Өзбекстан аймағына ишки ҳүжжет ямаса ID-карта, соның ишинде, 16 жасқа толмаған пуқараларға "киндер паспорт" пенен 30 күнге шекем кириў режими енгизиледи.
Буннан тысқары, 2025-жыл 1-июньнен баслап Өзбекстан ҳәм Қытай арасында өз-ара визасыз режим де енгизиледи. Бул келисим еки мәмлекет пуқараларына 30 күнге шекем визасыз саяхат етиў имканиятын жаратады.
Еслетип өтемиз, өзбекстанлылар "Green card" лотереясында жеңип шығыў арқалы Қурама Штатларда жасаў ҳуқықын қолға киргизиў бойынша дүньяда жетекши үшликке кирген еди.