баннер
3 Mar 2025
03:15

    Өзбекстанның Албаниядағы елшиханасына жаңа басшы тайынланды

    Өзбекстанның Албаниядағы биринши Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Бахтиёр Ибрагимов Албания президенти Байрам Бегайға исеним жарлықларын тапсырды.

    "Дунё" ХАның хабар бериўинше, рәсмий мәресимнен соң президент резиденциясында болып өткен сөйлесиўде Өзбекстан ҳәм Албания арасындағы еки тәреплеме қатнасықларды раўажландырыў перспективалары додаланды.

    Албания басшысы Байрам Бегай Өзбекстанда Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында кейинги жылларда әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар ҳәм олардың нәтийжелерин жоқары баҳалады.

    Ҳәр еки тәреп қатнасықларды сапа жағынан жаңа басқышқа алып шығыўға таяр екенин тастыйықлады.

    No date selected
    March 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates
    Телеграм каналымыз
    Text to speech