Өзбекстанның бир топар медиа ўәкиллери "Дүнья жүзилик аудиовизуал ҳәм кеўилашар саммит"те қатнасты

    3 мамыр 2025 770

    Күни кеше Ҳиндстанның Мумбай қаласында биринши “WAVES 2025 - Пүткил жер жүзилик аудиовизуал ҳәм кеўилашар саммит"тиң рәсмий ашылыў мәресими өткерилди.

    Онда Ҳиндстан Бас министри Нарендра Моди қатнасып, шығып сөйледи.

    Онда 100 ге шамалас мәмлекеттен медиа ўәкиллери, ири платформалар, соның ишинде, Bollywood, Amazon ўәкиллери, Шохруххон сыяқлы дүнья кино жулдызлары қатнаспақта.

    Мумбайдағы “Jio Convention Center” орайында 5-майға шекем даўам ететуғын бул халықаралық саммитте Өзбекстаннан Өзбекстан Журналистлер аўқамының баслығы ўазыйпасын атқарыўшы. Х.Салимов, Өзбекстан журналистика ҳәм ғалаба коммуникациялар университетиниң ректоры Ш.Қудратхўжа, "Янги Ўзбекистон" ҳәм "Правда Востока" газеталарының бас редакторы С.Дониёров, Өзбекстанның Ҳиндстандағы елшиханасының жуўаплы хызметкери С.Суяров, ӨзЖКУ проректоры Н.Муродова, Өзбекстан Миллий медиа бирлеспесиниң жуўаплы хызметкери У.Яқубов, кинематография агентлигинен С.Ражабов ҳәм Ғ.Ҳошимов, жәми 8 адам қатнаспақта.

    Кеше күнниң екинши ярымында өтип атырған саммит сессияларында медиа тараўында жасалма интеллект, технологиялық инновациялар, жас дөретиўшилерди қоллап-қуўатлаў, халықаралық бирге ислесиў ҳәм мәдений алмасыў тийкарғы бағдарлар сыпатында көтерилмекте.

    Ҳәзирги ўақытта саммит өз жумысын даўам

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates