Артымызда таўдай таяныш - ўатан муҳаббаты бизге сергеклик, мәртлик ҳәм күш-ғайрат бағышлап турады

    30 маусым 2025 845

    Инсан кәсиби менен байланыслы жумысларды ҳәр күни дем алыўдай тәбийий процесс деп қабыл етеди. Соның ишинде, журналист те бәрқулла пикир айтыў, оны басқаларға жеткериў зәрүрлигин сезеди. Сонлықтан, оның мақала жазыўы дем алыў сыяқлы тәбийий процесс.

    Бирақ журналист нени қалай жазып атырғаны ҳаққында терең ойланыўға кириссе, бирден сергекленеди. Себеби, сөздиң шексиз қүдиретинен қаншелли пайдалана алыўы ямаса керисиншелиги айқынласады. Усы мәнисте, бүгинги глобал идеологиялық гүреслер дәўиринде журналистика ең зәрүр қорғаныў қорғаны болып есапланады.

    Президентимиз Шавкат Мирзиёев Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлерине жоллаған қутлықлаўында: "Глобал жәмийетлик-сиясий процесслер шексиз тезлик пенен өзгерип атырған ҳәзирги оғада қурамалы ҳәм тынышсыз дүньяда ғалаба хабар қуралларының орны ҳәм тәсири ҳәр қашанғыдан да күшли әҳмийетке ийе екенин ҳәммемиз сезип-аңлап турмыз", деп бийкарға атап өтпеген. Усы мәнисте, журналистлердиң шегараларымызда бәрқулла сергек турған Ўатан қорғаўшыларына теңлестирилиўи таң қаларлық емес.

    Кейинги жылларда мәмлекетимиз шын мәнисинде жаңаланыўлар диярына айланды. Жаңа редакциядағы Конституциямызға муўапық, Өзбекстан социаллық мәмлекет екени беккемленди. Бурынғы "мәмлекет - жәмийет - шахс" парадигмасы "инсан - жәмийет - мәмлекет" принципине өзгертилди. Улыўма, "Инсан қәдири ушын" идеясы тийкарында ҳәр бир тараў, бағдарда түпкиликли өзгерислер жүз берди. Шынында да, тарийхый жүдә қысқа ўақыт - 7-8 жылда ўатанласларымыздың турмысын және де жақсылаў, мәмлекетимиз ғәрезсизлигин беккемлеўге хызмет ететуғын бундай жаңаланыўларды санап шығыў қыйын. Салмақлы, айтыў керек болса, тарийхый жетискенликлеримиз қатарында жәмийетимизде ашық-айдынлыққа, сөз еркинлигине кеңнен жол берилгени, бүгин ҒХҚ ўәкиллери, блогер ҳәм белсендилер жәмийетлик қадағалаўды тәмийинлеўдиң нәтийжели буўынына айланғанын да айрықша атап өтиў орынлы.

    Ҳәзир буннан да жоқары шеклерди гөзлеп алға умтылмақтамыз. Мине, усы процессте баспасөздиң орнын ҳеш нәрсе менен салыстырып, толтырып болмайды. Буны қысқа ҳәм түсиникли етип айтатуғын болсақ, өсиў, өзгерис процесинде жәмийет бир пүтин ўатан, бирден-бир халық болып алға умтылыўы керек. Мине, усы аўызбиршилик сөз - баспасөз арқалы қәлиплеседи.

    Ҳақыйқатында да, бүгин сөздиң қүдирети, мәлимлемениң күши барған сайын артып барыўы менен бирге, интернет ҳәм социаллық тармақлардың қамтып алыўы артып барыўы есабынан қүдиретли күшти қолланыў майданы да кеңейип бармақта. Бул өз-өзинен ҳәр бир мәмлекет, жәмийет ушын қорғаныў рефлекси, басқаша айтқанда, миллий контентти раўажландырыў талабын жүзеге келтирмекте.

    Усы мәнисте, мәмлекетимизде мәмлекетимиз басшысының басламасы менен бул мәселеге айрықша итибар қаратылып атырғанлығы, атап айтқанда, Президентимиздиң қарарына тийкарланып Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги жанында Балалар контентин раўажландырыў орайы шөлкемлестирилгенлиги, ҳәзирги ўақытта орай жергиликли дөретиўшилерге миллий контентлер жаратыў бойынша буйыртпалар берип, тараўда кадрлар таярлаўды шөлкемлестирип атырғаны қуўанышлы.

    Бирақ бир тәрепти ҳасла естен шығармаўымыз керек: миллий контентлер жаратыў, улыўма, интернеттиң өзбек сегментин сапалы миллий контентлер менен байытыў жалғыз орайдың жумысы емес. Бул бирлигимиз, аўызбиршилигимиз, тынышлығымыз ҳәм турақлы келешегимиз бенен байланыслы екен, миллий контентти раўажландырыў ҳәммемиздиң, жүрегинде усы ўатанға муҳаббаты бар ҳәр биримиздиң миннетимиз болып есапланады. Әсиресе, миллий контент мәселеси ҒХҚ ўәкиллерине үлкен жуўапкершилик жүклейди.

    Өзбек журналистикасының бир ўәкили сыпатында, бүгинги күнде тараў алдында турған усындай әҳмийетли ўазыйпаларды таллап, алдағы ислениўи зәрүр болған жумысларымыздың салмағы оғада үлкен екенин аңлаймыз. Мине, усындай пурсатта кишипейил мийнетлеримиз жоқары баҳаланып, 27-июнь - Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери күни алдынан Президентимиздиң пәрманына муўапық "Өзбекстан Республикасында хызмет көрсеткен журналист" ҳүрметли атағына ылайық көрилгеним ушын айрықша миннетдаршылық билдирген ҳалда, бул бизиң келешектеги жумысымызда оғада үлкен жуўапкершиликли ўазыйпа екенин де терең аңлап турмыз.

    Жаңа Өзбекстандағы дәслепки өзгерислер халық мүрәжатлары менен ислесиўден басланған еди. Бундай процесс тиккелей баспасөз еркинлигин де талап етеди. Мәмлекетимизде ҳәр еки тәрепке бирдей итибар берилди. Бүгин өзбек баспасөзи ашық-айдынлық, еркинлик жағынан кешегисинен түп-тийкарынан парық қылады. Мәмлекетимиз басшысының қутлықлаўында атап өтилгениндей: "Биз кейинги жылларда, уллы бабаларымыз баслап берген ибратлы дәстүрлерди даўам еттирип, демократиялық жәмийеттиң әҳмийетли шәрти ҳәм принципи болған ғалаба хабар қуралларын избе-из раўажландырыўға тийкарғы итибар қаратпақтамыз".

    Ҳақыйқатында да, ата-бабаларымыз бизге ҳақ сөзи, өтирикти жек көриўи, зийреклик пенен халық мәпин қорғаўы, бир сөз бенен айтқанда, ўатансүйиўшилиги менен ибрат мектеби болып келген. Бүгинги күн журналисти олардан үлги алыўы шәрт. Көрип турмыз, жасалма интеллект бизге қолайлық бериў менен бирге жалған мәлимлеме тарқатыўда да жүдә қолайлы болып қалды.

    Дәслеп көз бенен көрип, қулақ пенен еситкен хабар ғана исенимли болады дейтуғын еди. Заманагөй технологиялар бул көзқарасты пүткиллей өзгертип жиберди. Енди көзиңиз бенен көрсеңиз де, қулағыңыз бенен еситсеңиз де информацияны тексерип, ҳақыйқат екенлигин билген соң, басқаларға үлестириў зәрүрлиги пайда болды. Егер буған итибар бермесеңиз, өтириктиң қурбаны болыўыңыз, халық, ўатан мәпине қайшы мәлимлеме "аяққа басыўы"на билип-билмей хызмет етип қойыўыңыз ҳеш гәп емес. Аўа, ҳәзирги дәўир журналистиканың алдына мине усындай оғада әҳмийетли мәселелерди қоймақта.

    Соның ушын Президентимиз: "Бүгинги күнде баспасөз жумысы, журналистлер жумысы тек ғана "төртинши ҳәкимият" емес, ал қорғаныў, қәўипсизлик сыяқлы шешиўши тараўға айланып бармақта.

    Бул болса усы бағдарда сизлердей мәрт ҳәм батыр, Ўатанды шын кеўилден сүйетуғын, өз кәсибине садық ҳәм пидайы инсанлар барған сайын көбейиўин талап етпекте", деген еди.

    Орны келгенде тән алыў керек, бүгин миллий журналистикамыз бул ўазыйпаны атқармақта. Себеби мәмлекетимизде баспасөзди ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, заман талапларына сай раўажландырыўға айрықша итибар қаратылмақта. Пуқаралардың мәлимлеме тараўындағы конституциялық ҳуқықларын, баспасөз ҳәм сөз еркинлигиниң нызамлы орынланыўын тәмийинлеў бойынша сезилерли жумыслар әмелге асырылмақта. Соның менен бирге, биз - журналистлердиң мийнети жоқары баҳаланып, мүнәсип қәдирленбекте.

    Қалаберди, дөретиўшилик жәмәәтлерди қоллап-қуўатлаў, тараўдың материаллық-техникалық базасын ҳәм кадрлар потенциалын беккемлеўге жаңа Өзбекстанда алып барылып атырған мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдары деп қаралмақта. Оған жуўап ретинде бүгин дөретиўшилик жәмәәтлер турақлы излениўде, заман менен тең қәдем таслаўға умтылмақта.

    Бул пикирлерди "Янги Ўзбекистон" газетасы мысалында айтсақ. Бүгин медиа мәканымызға алдынғы жойбар ҳәм технологияларды кеңнен енгизип атырмыз. Нәтийжеде баспасөзде медиа конвергенцияға ериспектемиз. Мәселен, бүгин газетаның рәсмий веб-сайты, Telegram, YouTube ва Facebook социаллық тармақларында бетлери бар.

    Буннан тысқары, газетамыздағы мақалаларды арнаўлы QR-код арқалы қарақалпақ тилинде де бериўди енгизгенбиз. Газетаның электрон түрлери де оқыўшыларға усынылып барылмақта. Яғный биз оқыўшы қай жерге барса, биз де сол жерге шекем өз өнимимиз бенен кирип барыўға ҳәрекет етип атырмыз.

    Қалаберди, илажы барынша заманагөй технологиялар, соның ишинде, жасалма интеллект имканиятларынан нәтийжели пайдаланып атырмыз. Себеби, журналистика бәрқулла жәмийетте бир қәдем алдында болыўды талап етеди. Усы мәнисте, миллий журналистикамыз излениўлер нәтийжесинде раўажланып атырғанын бақлап қуўанаман. Енди бул шекти және де жоқары алыў, жасалма интеллектти де изимизден ергизе алатуғын күшли қәниге, белсенди пуқаралық позициясына ийе болыўымыз керек. Бүгин оған барлық имканиятлар жаратылған.

    Себеби, жаңа Өзбекстанда болып атырған реформалар себепли жәмийетимизде ашық-айдынлықты раўажландырыўда ҒХҚларға айрықша итибар берилди. Нәтийжеде мәмлекетлик уйымлар ҳәм олардың лаўазымлы шахсларының жумысы үстинен жәмийетлик қадағалаўды орнатыў, пуқараларымыздың нызамлы мүрәжатларын үйрениў ҳәм шешиў бағдарында миллий баспасөзимиз әҳмийетли орынға ийе болды.

    Бул жаңаланыўлар процесинде тиккелей мәмлекетимиз басшысының өзи турғаны бәршемиздиң қәлбимизде үлкен мақтаныш оятады. Ҳәзирги ўақытта үлкен жуўапкершилик те жүклейди. Аўа, жаңа Өзбекстан үлкен шеклерди гөзлеп жолға шыққан кәрўан болып есапланады. Миллий баспасөзимиз болса бул кәрўанға басқаларды да адаспай ертип кететуғын қырағылық қоңыраўына айланып бармақта. Мине, усы қатарда болыў, ўатан ҳәм халық ушын хызмет етиў шын мәнисинде мақтаныш. Мине, усы мақтанышлы ўазыйпамызды орынлаў барысында ҳәр бир минутта үлкен жуўапкершиликти сеземиз.

    Салим ДОНИЁРОВ,

    Өзбекстан Республикасында

    хызмет көрсеткен журналист.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates