Ташкентте “Euronews” телеканалының офиси ашылды

    1 шілде 2025 1343

    “Euronews” телеканалы - 13 тилде көрсетилетуғын 24 саатлық халықаралық жаңалықлар платформасы болып есапланады. Бүгинги күнде дүньяның 12 мәмлекетинде “Euronews” ўәкилханалары жумыс алып бармақта.

    Пайтахтымыздағы “InterContinental Tashkent” мийманханасында “Euronews” телеканалының Өзбекстандағы ўәкилханасының ашылыўына бағышланған илаж болып өтти. Бул ҳаққында Өзбекстан Журналистлер аўқамы мәлим етти.

    Илажда Президенттиң баспасөз хаткери Шерзод Асадов, “Euronews” басшысы Педро Варгас Давид шығып сөйлеп, Президентимиз тәрепинен медиа тараўына қаратылып атырған айрықша итибар, бирге ислесиў бағдарлары, бул бағдарда келешекте әмелге асырылатуғын жумыслар ҳаққында айтып өтти.

    Илаж шеңберинде “Euronews” телеканалының хабаршылары тәрепинен Өзбекстанда болып атырған жаңаланыў процесслери, реформалар, кең көлемли өзгерислерге байланыслы видеорепортажлардан көринислер менен танысыў имканияты жаратылды.

    Көркем өнер шеберлери тәрепинен атқарылған нама-қосықлар илажға өзгеше көтериңкилик бағышлады.

    Мағлыўмат ушын, “Euronews” телеканалы - 13 тилде көрсетилетуғын 24 саатлық халықаралық жаңалықлар платформасы болып есапланады. Бүгинги күнде дүньяның 12 мәмлекетинде “Euronews” ўәкилханалары жумыс алып


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates