Кипр Республикасы жетекшиси сырт елли дипломатлардан исеним жарлықларын қабыллаў мәресиминдеги шығып сөйлеген сөзинде жаңа елшилерди қызғын қутлықлап, оларға өз ўазыйпаларын әмелге асырыўда табыслар тиледи, сондай-ақ, еки ҳәм көп тәреплеме қатнасықларды раўажландырыўға мүнәсип үлес қосатуғынына үмит билдирди.
Кипр Республикасы Президенти Өзбекстан менен қатнасықлардың перспективаларына айрықша тоқтап өтти. "Өзбекстан менен еки тәреплеме, сондай-ақ, Европа Аўқамы шеңбериндеги бирге ислесиў байланысларын раўажландырыўға айрықша итибар қаратамыз", деди Президент Никос Христодулидис.
Еслетип өтемиз, Өзбекстан ҳәм Кипр арасындағы дипломатиялық қатнасықлар 1997-жыл 30-майда орнатылған.
Абат Файзуллаев Кипрге тайынланған Өзбекстанның биринши елшиси болды. Ол 2023-жыл октябрь айында Өзбекстанның Италиядағы елшиси лаўазымына тайынланған еди.