"Дүнья" ААның хабар бериўинше, салтанатлы мәресимнен соң болып өткен сәўбетлесиў ўақтында Европа комиссиясы президенти Урсула фон дер Ляйе усы жылдың апрель айында болып өткен биринши "Орайлық Азия - Европа Аўқамы" саммитиниң жуўмақларын жоқары баҳалады.
Еврокомиссия басшысы ЕАның Өзбекстан ҳәм Орайлық Азия мәмлекетлери менен өз-ара пайдалы бирге ислесиўди буннан былай да тереңлестириў тәрепдары екенин тастыйықлады.