Онда Латвияның ири турагентликлериниң басшылары ҳәм туризм тараўына байланыслы көплеген компаниялардың ўәкиллери қатнасты.

Илаж қатнасыўшыларының итибарына мәмлекетимиз басшысының "Самарқанд - Жаңа Өзбекстанның туризм дәрўазасы" басламасы және Бухара, Ташкент, Хорезм ҳәм елимиздиң басқа да тарийхый орынлары ҳаққында мағлыўмат берилди.

Өзбекстан ҳәм Латвия арасында туризм тараўындағы бирге ислесиў байланысларының бүгинги жағдайына ҳәм перспективаларына айрықша итибар қаратылды. Бундай илажлар халықларымыз арасындағы дослық байланысларын және де беккемлеўге хызмет ететуғыны атап өтилди.

Латвиялы қәнигелер елимизде соңғы жыллары туризм тараўын раўажландырыў бағдарында әмелге асырылып атырған реформаларды жоқары баҳалады.

Сондай-ақ, илаж даўамында Өзбекстанның Латвиядағы туризм брендиниң елшиси етип тайынланған Владимир Корягинге арнаўлы сертификат тапсырылды.

Ушырасыў жуўмағында Балтық бойы мәмлекетлеринен елимизге туристлер ағымын арттырыў, соның ишинде, жақын ўақыт ишинде бул мәмлекетлердиң потенциаллы туркомпаниялары ҳәм туризм тараўы ўәкиллери ушын елимиз бойлап инфо-тур шөлкемлестириў бойынша келисип алынды.