Өзбекстанның Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси (резиденциясы Будапешт қаласында жайласқан) Айбек Шахавдинов Сербия Сыртқы ислер министрлиги Дипломатиялық протокол басшысы Бранко Радовановичке исеним жарлықларының нусқаларын тапсырды, деп хабар бермекте "Дунё" МА.
Сөйлесиў ўақтында еки тәреплеме күн тәртибиниң әҳмийетли мәселелери додаланды ҳәм Өзбекстан-Сербия қатнасықларын буннан былай да беккемлеўден еки тәреп те мәпдар екенин билдирди.
Сырт ел тәрепи Өзбекстанның Сербияға биринши елшиси тайынланғанын қоллап-қуўатлап, бул қәдем еки тәреплеме бирге ислесиўдиң пүткил бағдарына жаңа пәт бағышлайтуғынын атап өтти.
Еслетип өтемиз, Өзбекстанның Айрықша ҳәм Толық ҳуқықлы елшиси Айбек Шахавдинов 2024-жыл 13-декабрь күни Словения Президенти Наташа Пирц Мусарға исеним жарлықларын тапсырған еди.
Айбек Шахавдинов, сондай-ақ, Өзбекстанның Венгриядағы биринши, сондай-ақ, орынбасарлық тийкарында Хорватия ҳәм Черногорияға елшиси болып есапланады.








