Өзбекстанның Татарстан менен бирге ислесиўи раўажланбақта

    Қазан қаласында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Баслығының биринши орынбасары Содиқ Сафоев Татарстан Республикасы Баслығы Рустам Минниханов пенен ушырасты.

    Сөйлесиў ўақтында Өзбекстан ҳәм Россия Федерациясы арасындағы стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықлары барған сайын беккемленип атырғаны, бул процессте Татарстанның орны айрықша екени атап өтилди.

    Садық Сафоев Рустам Миннихановтың Татарстанды ҳәр тәреплеме раўажландырыў, Россияның ең динамикалық ҳәм инновациялық аймақларынан бирине айландырыў жолындағы жумысын атап өтти.

    Ушырасыўда еки тәреплеме байланысларды буннан былай да кеңейтиў мәселелери додаланды. Кейинги жыллары нефть-газ, нефть-химия, автомобиль қурылысы, санаат ҳәм аўыл хожалығы тараўларында бир қатар биргеликтеги жойбарлар әмелге асырылды.

    Сондай-ақ, Жиззақ қаласында Қазан федерал университетиниң филиалы жумыс алып барып атырғаны ҳәм бул Өзбекстан ҳәм Татарстан арасында билимлендириў тараўындағы бирге ислесиў нәтийжеси екени атап өтилди.

    Ушырасыў жуўмағында тәреплер өз-ара байланысларды және де жеделлестириў, әмелий жойбарларды кеңейтиў ҳәм еки халық арасындағы дослық ҳәм аўызбиршиликти буннан былай да беккемлеўге таяр екенин билдирди, деп хабар береди Олий Мажлис Сенатының баспасөз хызмети.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates