Өзбекстанның ядролық зыянды қаплаў бойынша конвенцияға қосылыўы мақулланды

    26 маусым 2025 932

    Сенаттың сегизинши жалпы мәжилисинде "Ядролық зыян ушын пуқаралық жуўапкершилик ҳаққындағы Вена конвенциясына (Вена, 1963-жыл 21-май) Өзбекстан Республикасының қосылыўы ҳаққында"ғы Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

    Атап өтилгениндей, Өзбекстан Республикасы усы Конвенцияға қосылыўы нәтийжесинде пуқаралық ядро объектлеринде жүз берген ҳәдийселер ақыбетинде жеткерилген зыян ушын жуўапкершилик режими, зыянды қаплаў тәртиби, мүддетлери ҳәм принциплерин белгилейтуғын тийкарғы нормалар қолланылады. Сондай-ақ, ядролық жуўапкершилик режими ядролық апатшылық жүз берген жағдайда Өзбекстан халқына компенсация төлениўи тәмийинленеди.

    Усы ҳүжжеттиң тийкарғы мақсети ядролық қурылма операторы тәрепинен басқарылатуғын объектлерде жүз берген ҳәдийселер нәтийжесинде пайда болған ядролық зыян ушын оператор жуўапкершилигин, сондай-ақ, ядролық зыяннан финанслық қорғаўды тәмийинлеў ушын минимал талапларды белгилеўден ибарат.

    Атап өтилгениндей, Вена конвенциясына қосылыў зыянды қаплаўдың халықаралық көлемде тән алынған ҳуқықый механизмлерин тәмийинлеп, жәбирлениўшилерди қорғаўды күшейтеди, ядролық қурылмалар операторының анық миннетлемелерин белгилейди ҳәм жүзеге келиўи мүмкин болған зыянларды қаплаў ушын исенимли финанслық кепилликлерди жаратады.

    Соның менен бирге, миллий ядролық қәўипсизлик системасына исенимди арттырады, халықаралық бирге ислесиўди беккемлейди ҳәм ядролық жуўапкершилик тараўындағы заманагөй стандартларға әмел етилиўин тәмийинлейди.

    Өзбекстанның Вена конвенциясына қосылыўы ядро энергетикасы ҳәм қәўипсизлиги тараўында халықаралық ҳуқықый майданға кириўин тәмийинлеўге, ядролық қәўипсизликти кепиллеўге, ядролық зыяннан жәбирлениўшилердиң ҳуқықларын мүнәсип қорғаўға, мәмлекеттиң ядро энергетикасы тараўындағы жуўапкершилигин анық белгилеўге және ядро энергетикасы тараўында қамсызландырыў системасы ҳәм компенсация механизмлерин енгизиўге хызмет етеди.

    Буннан тысқары, Өзбекстанның Атом энергиясы халықаралық агентлиги менен бирге ислесиў байланыслары және де кеңейеди ҳәм оның бағдарламалары шеңберинде перспективалы жойбарларды әмелге асырыў жумыслары жеделлеседи.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates