Ушырасыў алдынан Қоҳир Расулзода мәмлекетимиз басшысына Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмонның сәлеми ҳәм ең жақсы тилеклерин жеткерди.
Өзбекстан - Тәжикстан дослық, жақсы қоңсышылық, стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын жоқары дәрежедеги келисимлердиң орынланыўы шеңберинде буннан былай да беккемлеўдиң әҳмийетли мәселелери көрип шығылды.
Көп қырлы бирге ислесиўде жоқары дәрежеге ерисилгени қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Товар алмасыў ҳәм жүк тасыў көлеми артпақта, санаат, энергетика, электротехника, тоқымашылық, аўыл хожалығы ҳәм басқа да тийкарғы тармақларда кооперация жойбарлары әмелге асырылмақта.
Нәтийжели аймақлараралық байланыслар ҳәм жедел мәдений-гуманитарлық алмасыў жолға қойылған.
Шерикликтиң жаңа экономикалық күн тәртибин қәлиплестириў, товар алмасыўды көбейтиў бойынша тәсиршең илажларды ислеп шығыў, кооперация ҳәм шегара алды бирге ислесиў жойбарларын жедел алға қойыў әҳмийетли екени атап өтилди.









