15 Mar 2025
10:10

    Өзлестириў көрсеткишине қарап студентлерге грантларды қайта бөлистириў тәртиби тастыйықланды

    Ҳүкиметтиң тийисли қарары (№149, 10.03.2025) менен Жоқары билимлендириў шөлкемлеринде студентлерге грантларды усыныў ҳәм қайта бөлистириў тәртиби ҳаққындағы реже тастыйықланды.

    Режеге бола, билимлендириў грантына талабанлардан быйылғы оқыў жылында өзлестириў көрсеткиши бойынша ГПА көрсеткиши 3,5 ҳәм оннан жоқары болыўы талап етиледи. Өзлестириўи усы көрсеткиштен төмен болған студентлердиң билимлендириў грантын дифференцияластырылған тәризде қайта бөлистириўде қатнасыўына рухсат етилмейди ҳәм билимлендириў гранты орны бос қалады.

    Билимлендириў грантына талабанлар ушын жоқары билимлендириў шөлкеминиң рәсмий веб-сайтында онлайн дизимнен өтиў ҳәм ерискен жетискенликлерин тийкарлаўшы ҳүжжетлерди жүклеў имканияты жаратылады.

    Билимлендириў грантына талабанлардың өзлестириў көрсеткишлери сәйкес түрде 80 баллық өлшемде баҳаланады, бунда ГПА көрсеткишин "16" санына көбейтиў арқалы анықланады.

    Билимлендириў грантына талабанлардың социаллық белсендилик көрсеткиши 20 баллық өлшемде баҳаланады, бунда баҳалаў өлшемине тийкарланып есапланған нәтийжени "5" санына бөлиў арқалы анықланады.

    Белгиленген тәлим гранты орынлары шеңберинде таңлаў шегарасында бирдей нәтийже көрсеткен талабанлардың академиялық өзлестириў көрсеткишине үстинлик бериледи. Егер өзлестириў көрсеткишинде де бирдей нәтийже анықланған жағдайда усы талапкерлер ушын өзлестирилген семестрлерде өтилген қәнигелик пәнлеринен тест сынақлары өткериледи.

    Жоқары билимлендириў шөлкеми кеңесиниң қарарына тийкарланып билимлендириў грантын алатуғын студентлердиң дизими ҳәр жылы 25-августқа шекем жоқары билимлендириў шөлкеминиң рәсмий веб-сайтында жәрияланады.


    Телеграм каналымыз
    Text to speech