Транспорт коридорларын кеңейтиў ҳәм халықаралық жүк тасыўды раўажландырыў шеңберинде «Ўзтемирйўлконтейнер» АЖ, "ТУЛМ" АЖ ҳәм "Кедентранссервис" АЖ менен биргеликте Ҳиндстаннан Қазақстанға биринши контейнер поезды жолға қойылды.
Қурамында 12 дана жигирма футлық контейнер болған поезд Ҳиндстанның Мундра портынан Қазақстанның Сороковая станциясына Ҳиндстан-Иран-Түркменстан-Өзбекстан-Қазақстан жөнелисинде ҳәрекетленип, 1 585 км теңиз арқалы ҳәм 4 300 км темир жол арқалы өтеди.
2024-жылы бул жөнелис бойлап Ҳиндстаннан Өзбекстанға (Мундра - Сергели) 20 дана жигирма футлық контейнер тасыўлары табыслы әмелге асырылған еди.
«Ўзтемирйўлконтейнер» АЖ басқарма баслығы М.К.Мирҳамидовтың атап өтиўинше, компания Ҳиндстан - Орайлық Азия мультимодал жөнелисинде турақлы контейнер поездларын жолға қойыўды режелестирген.
Бул өз гезегинде саўда байланысларын беккемлеў және экспортёр ҳәм импортёрлар ушын жаңа имканиятлар жаратыўға хызмет етеди.