Ерисилген келисимлерге бола, Пакистан компаниясы Өзбекстанда таяр былғары өнимлерин ислеп шығарыў жойбарын әмелге асырыўды режелестирмекте. Ол жергиликли шийки затты терең қайта ислеп, жоқары қосымша қунлы өнимлердиң үлесин арттырыў ҳәм экспорт имканиятларын кеңейтиўге қаратылған.

Февраль айында компания басшысы Муҳаммад Әзам Малик басшылығындағы делегация Өзбекстанға келиўи күтилмекте. Сапар даўамында Ташкент ўәлаятының Оҳангарон районындағы киши санаат зонасы аймағында қәнигелестирилген өндирис майданын шөлкемлестириўдиң әмелий мәселелерин додалаў режелестирилген.

Ҳәзирги ўақытта жуўапкер структуралар менен биргеликте таярлық жумыслары алып барылмақта. Пакистан тәрепи де өз-ара түсинисиў меморандумына қол қойыўға таяр екенин тастыйықлады.

Жойбардың әмелге асырылыўы былғары санаатын раўажландырыў, жаңа жумыс орынларын жаратыў, халықаралық санаат кооперациясын беккемлеў ҳәм таяр өнимлер экспортын арттырыўға хызмет етиўи күтилмекте.