Сөйлесиў алдынан мәмлекетимиз басшысы пайтахт мэрин жазғы Олимпиада ҳәм Паралимпиада ойынлары табыслы өткерилгени менен қызғын қутлықлады, сондай-ақ, Париж көшелериниң бирине Самарқанд аты берилгени ушын миннетдаршылық билдирди.
Өз гезегинде, Анн Идалго Өзбекстан басшысына олимпиада илажлары дәўиринде жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеўде көрсетилген жәрдем ушын миннетдаршылық билдирди.
Ушырасыўда Өзбекстан Президентиниң бул сапары тарийхый нәтийжелер менен жуўмақланғаны - еки мәмлекет арасындағы көп қырлы қатнасықлар стратегиялық шериклик дәрежесине көтерилгени үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
Ташкент ҳәм Париж арасындағы әмелий бирге ислесиў ҳәм алмасыўларды қол қойылған келисим тийкарында жеделлестириў мәселелери додаланды.
Қала қурылысын режелестириў, "жасыл" аймақлар жаратыў, жәмийетлик транспортты раўажландырыў, санластырыў, сондай-ақ, қала коммуникацияларын модернизациялаў ҳәм олардан турақлы пайдаланыў бағдарында тәжирийбе алмасыў солардың қатарына киреди.
Буннан тысқары, өз-ара көргизбелер, мәденият ҳәм көркем өнер күнлери, туристлик ҳәм гастрономиялық фестиваллар өткериў мәселелери көрип шығылды.
Ушырасыў жуўмағында Париж көшелериниң бирине Самарқанд атын бериўге бағышланған рәсмий мәресим болып өтти.
Мәмлекетимиз басшысы ҳәм Париж мэри Өзбекстан Президенти ҳүрметли мийман сыпатында Париж қаласында болғаны ҳаққындағы биргеликтеги ҳүжжетке қол қойды. Бул естелик жарлығы мэрия музейинде көрсетиледи.