Илаж "Раўажланыў стратегиясы" орайы, Өзбекстан Республикасының Франциядағы елшиханасы ҳәм Европа раўажланыў ҳәм қәўипсизлик институты (IPSE) менен биргеликте шөлкемлестирилди.
Дөгерек сәўбетинде Өзбекстан ҳәм Францияның жетекши таллаў орайларының ўәкиллери, дипломатлар, сиясатшылар және Европаның түрли мәмлекетлеринен 40 қа шамалас халықаралық экспертлер қатнасты.
Өзбекстанның Франциядағы Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Нодир Ғаниев кирис сөзинде соңғы жыллары Өзбекстанда әмелге асырылып атырған реформалар ҳәм мәмлекеттиң сыртқы сиясатының тийкарғы бағдарларына тоқтап өтти.
Халықаралық илажда, сондай-ақ, Өзбекстан экспертлер жәмийетшилигинен "Раўажланыў стратегиясы" орайы, Стратегиялық ҳәм регионлараралық изертлеўлер институты, экономикалық изертлеўлер ҳәм реформалар орайы, Орайлық Азия халықаралық институты ҳәм Сыртқы сиясий изертлеўлер орайының басшылары ҳәм жетекши аналитиклери баянат жасады.
Атап айтқанда, Экономикалық изертлеўлер ҳәм реформалар орайының директоры Обид Хакимов өзиниң шығып сөйлеген сөзинде Өзбекстан ҳәм Франция арасындағы қатнасықлардың бүгинги жағдайы ҳәм перспективалары, сондай-ақ, "Өзбекстан-Европа Аўқамы" форматындағы бирге ислесиў ҳаққында мағлыўмат берип, түрли тараўлардағы өз-ара пайдалы байланысларды буннан былай да раўажландырыўдың тийкарғы бағдарлары менен байланыслы мәселелерди түсиндирди.
Сондай-ақ, илаж даўамында "Раўажланыў стратегиясы" орайының атқарыўшы директоры Элдор Туляков бүгинги күнде Орайлық Азияда болып атырған регионаллық бирге ислесиў ҳәм интеграцияның раўажланыўы, атап айтқанда, регионаллық бирге ислесиўди институционалластырыўдың перспективалары ҳәм "Орайлық Азия плюс" форматындағы көп тәреплеме бирге ислесиў мәселелерине тоқтап өтти.
Өз гезегинде, Франция тәрепи Өзбекстанда әмелге асырылып атырған реформаларға үлкен қызығыўшылық билдирип, Европа Аўқамы ҳәм оған ағза мәмлекетлер ушын мәмлекетимиз бенен бирге ислесиўди буннан былай да жеделлестириў әҳмийетли екенлигин атап өтти.
Атап айтқанда, Европа раўажланыў ҳәм қәўипсизлик институтының директоры Э.Дюпюи Өзбекстан Францияның Орайлық Азиядағы әҳмийетли шериги екени ҳәм еки тәреплеме сиясий, экономикалық ҳәм мәдений-гуманитарлық бирге ислесиў жедел раўажланып атырғанына итибар қаратты. IPSE басшысының сөзлерине бола, Өзбекстанда соңғы жылларда унамлы өзгерислер бақланбақта, мәмлекет ашық ҳәм тең салмақлы сыртқы сиясат алып бармақта және Орайлық Азия регионында қәўипсизлик ҳәм турақлылықты тәмийинлеўде әҳмийетли роль атқармақта.
Дөгерек сәўбетинде Өзбекстанда жүз берип атырған социаллық-экономикалық модернизация процесслери, сондай-ақ, мәмлекетимиздиң регионда турақлылықты беккемлеўге хызмет етип атырған прагматикалық ҳәм конструктивлик сыртқы сиясаты жоқары баҳаланды.
Илаж жуўмағында Франция ҳәм Европаның басқа мәмлекетлеринен келген сиясий ҳәм экономикалық топарлардың ўәкиллери Өзбекстанның жетекши таллаў орайлары ҳәм билимлендириў мәкемелери менен бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыўдан мәпдар екенин билдирди.
"Раўажланыў стратегиясы" орайының Мәлимлеме хызмети