Усы жылдың 11-март күни Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёевтиң Франция Республикасына мәмлекетлик сапары алдынан Париж қаласында еки мәмлекеттиң тийисли министрликлери, уйымларының басшылары және 100 ге шамалас жетекши компаниялары, қаржы ҳәм бизнес шөлкемлериниң басшыларының қатнасыўында Франция-Өзбекстан бизнес-форумы болып өтти.

Илажда шығып сөйлеген инвестициялар, санаат ҳәм саўда министри Лазиз Қудратов бизнес-форумның еки тәреплеме қатнасықларды беккемлеў ҳәм экономикалық бирге ислесиўди кеңейтиўдиң жаңа имканиятларын үйрениў ушын өзине тән сөйлесиў майданы сыпатындағы әҳмийетин жоқары баҳалады.

Саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық бирге ислесиўдиң турақлы динамикасы атап өтилди. Атап айтқанда, 2024-жылы еки мәмлекет арасындағы товар алмасыў көлеми 1,1 миллиард долларға жетти, бул алдынғы жылға салыстырғанда 14 процентке көп. Соның менен бирге, Өзбекстаннан Францияға экспорт көлеми дерлик еки есеге артып, 800 миллион долларды, импорт болса 330 миллион долларды қурады.

Бүгинги күнде Өзбекстанда 50 ден аслам француз компаниясы табыслы жумыс алып барып, раўажланып атырған исбилерменлик орталығына өз үлесин қоспақта.

Өзбекстанда энергетика, инфраструктура, қоршаған орталықты қорғаў, авиация, азық-аўқат өнимлерин ислеп шығарыў ҳәм туризм тараўларында өз тәжирийбесин алып кирип атырған дүньяға белгили Orano, SUEZ, Veolia, Total Energies, Voltalia, EDF, Lactalis, Airbus, MND ҳәм басқа да көплеген компаниялар бар.

Лазиз Қудратов қатнасықларды тереңлестириў ушын пайдаланылмаған үлкен имканиятларға тоқтап өтип, бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыўдың бир қатар бағдарларын, соның ишинде, транспорт ҳәм логистика жағынан өз-ара байланыслылықты раўажландырыў, саўда жолларын диверсификациялаў ҳәм геология-излеў жумысларын алып барыў, сондай-ақ, Өзбекстан талапларына бейимлестирилген француз технологияларын енгизиў арқалы инновациялық раўажланыў әҳмийетли екенлигин атап өтти.

Соның менен бирге, инвесторлардың мәплерине жуўап беретуғын ҳәм мәмлекет экономикасын сапа жағынан өзгертиў ҳәм турақлылығын арттырыўға қаратылған жаңа биргеликтеги басламаларды қоллап-қуўатлаўға таяр екенлиги билдирилди.

Өз гезегинде, форумда шығып сөйлеген MEDEF International баслығы ҳәм " Orano" компаниясы директорлар кеңесиниң баслығы Клод Имовен Өзбекстанда әмелге асырылып атырған кең көлемли реформаларды жоқары баҳалады ҳәм француз бизнеси ўәкиллерин Өзбекстан базарына жедел кирип барыўға шақырды.

Форум шеңберинде В2В ҳәм G2B форматындағы ушырасыўлар шөлкемлестирилип, еки мәмлекет исбилермен топарларына өз-ара сөйлесиў ҳәм бирге ислесиўдиң жаңа бағдарларын үйрениў ушын жақсы имканият болды.

Форум жуўмақлары бойынша аўыл хожалығы, энергетика, жасыл экономика, қала қурылысы, суў тәмийнаты ҳәм транспорт, кәншилик, денсаўлықты сақлаў, билимлендириў ҳәм басқа да тараўлардағы бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў ҳәм жойбарларды әмелге асырыўды белгилеп беретуғын 20 дан аслам келисим ҳәм шәртнамаларға қол қойылды.