Сапар етиў шеңберинде Қубла Корея парламент делегациясы Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм Корея Республикасы парламентлери басшыларының үшинши мәжилисинде қатнасады.
Пайтахт халықаралық аэропортында мийманларды Олий Мажлис Сенаты Баслығының биринши орынбасары Содиқ Сафоев күтип алды.
Сол күни Корея Республикасы парламентиниң ағзалары "Жаңа Өзбекстан" бағына барып, Ғәрезсизлик монументине гүл қойды.