Педагог кадрларды таярлаўда сыртқы тәлим формасына қабыллаў әмелге асырылмайды

    Педагог кадрларды таярлаў тек ғана күндизги ҳәм кешки билимлендириў түри бойынша шөлкемлестирилип, сыртқы билимлендириў түрине қабыллаў әмелге асырылмайды.

    Бул ҳаққында Өзбекстан Республикасы Президентиниң "Педагог кадрлар таярлаў системасын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында"ғы пәрманында белгиленди.

    Пәрманға бола, 2025/2026-оқыў жылынан педагог кадрлар таярлаў бойынша:

    педагог кадрларды таярлаў тек ғана күндизги ҳәм кешки билимлендириў түри бойынша шөлкемлестирилип, сыртқы билимлендириў түрине қабыллаў әмелге асырылмайды;

    жоқары педагогикалық билимлендириў бағдарында мәмлекетлик емес билимлендириў хызметлерин көрсетиў тараўындағы жумысты лицензиялаў Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлигиниң жуўмағы тийкарында әмелге асырылады.

    2025/2026-оқыў жылынан сырт елли қәнигелерди тартқан ҳалда Университеттиң халықаралық билимлендириў бағдарламалары енгизилген тәлим бағдарларында сабақ бериў ушын профессор-оқытыўшыларды таңлап алыў системасы жолға қойылады.

    2026/2027-оқыў жылынан айрықша билимлендириў мүтәжликлери болған балаларға тәлим-тәрбия бериў системасын буннан былай да жетилистириў мақсетинде "Госпитал педагогика" магистратура қәнигелиги бойынша кадрлар таярлаў жолға қойылады.

    2026-жыл 1-сентябрьден республикадағы бар педагогикалық техникумлардың оқыў процесине халықаралық билимлендириў бағдарламалары басқышпа-басқыш енгизиледи.


    No date selected
    July 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates