Бул ҳаққында Өзбекстан Республикасы Президентиниң "Педагог кадрлар таярлаў системасын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында"ғы пәрманында белгиленди.

Пәрманға бола, 2025/2026-оқыў жылынан педагог кадрлар таярлаў бойынша:

педагог кадрларды таярлаў тек ғана күндизги ҳәм кешки билимлендириў түри бойынша шөлкемлестирилип, сыртқы билимлендириў түрине қабыллаў әмелге асырылмайды;

жоқары педагогикалық билимлендириў бағдарында мәмлекетлик емес билимлендириў хызметлерин көрсетиў тараўындағы жумысты лицензиялаў Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлигиниң жуўмағы тийкарында әмелге асырылады.

2025/2026-оқыў жылынан сырт елли қәнигелерди тартқан ҳалда Университеттиң халықаралық билимлендириў бағдарламалары енгизилген тәлим бағдарларында сабақ бериў ушын профессор-оқытыўшыларды таңлап алыў системасы жолға қойылады.

2026/2027-оқыў жылынан айрықша билимлендириў мүтәжликлери болған балаларға тәлим-тәрбия бериў системасын буннан былай да жетилистириў мақсетинде "Госпитал педагогика" магистратура қәнигелиги бойынша кадрлар таярлаў жолға қойылады.

2026-жыл 1-сентябрьден республикадағы бар педагогикалық техникумлардың оқыў процесине халықаралық билимлендириў бағдарламалары басқышпа-басқыш енгизиледи.