Жиззақ Киберспорт Аренасында болып өткен мәресимде халықаралық ҳәм миллий делегация ўәкиллери, 600 ден аслам спортшылар, тренерлер, төрешилер ҳәм студент-жаслар қатнасты.

Ашылыў мәресиминде шығып сөйлегенлер бундай жарыслар тек ғана чемпионларды жетистириўге емес, ал миллетлер арасындағы өз-ара ҳүрмет, дослық ҳәм мәдений байланысларды беккемлеўге хызмет ететуғынын атап өтти.

"Биз ушын бул жарысқа басшылық етиў - үлкен мақтаныш ҳәм жуўапкершилик. Жиззақ мәмлекетлик педагогикалық университети педагогика, спорт ҳәм билимлендириў тараўларында халықаралық бирге ислесиўди және де тереңлестириўге умтылады. Бул илаж мине усы бағдардағы әҳмийетли қәдемлерден бири болып есапланады. Бүгин Жиззаққа келген ҳәр бир мийман - бизиң әзиз достымыз, бирге ислесиўшимиз ҳәм қәдирли мийманымыз. Университетимиз жәмәәти жарыстың жоқары дәрежеде өтиўи, барлық қатнасыўшылардың мүнәсип қабыл етилиўи ҳәм табыслы қатнасыўы ушын бар күш-ғайратын жумсады. Барлық спортшылар бул абырайлы жарыста белсене, ҳадал ҳәм жоқары руўхта қатнасады деп ойлайман," - дейди университет ректоры Ш.Шарипов.

Пенсак Силат - бул тек ғана спорт емес, бул - мәденият, тәрбия, тилеклеслик ҳәм тынышлық тымсалы. Жиззақ мәмлекетлик педагогика университети ҳәм Өзбекстан Пенсак Силат федерациясы менен биргеликте шөлкемлестирилген спорттың Пенсак Силат түри бойынша Орайлық Азия ашық чемпионатына 16-май күни старт берилди. Жарыслар 19-май күнине шекем даўам етеди.