Пенсия жасына жетип, көп жыллық мийнети нәтийжесин көриў, қартайғанлықтан заўықланыў ҳәммениң турмыслық мақсети болып есапланады. Бунда, әлбетте, кексе жастағы дәрамат дәреги - пенсия әҳмийетли орын ийелейди.
Сол себепли ҳәммемиз жас ўақтымызда өзиниң келешектеги пенсиясы ҳаққында ғамхорлық етиўи, бул дәўирге алдыннан таярлық көриўи керек.
Кимлерге пенсия тайынланады?
Жасқа байланыслы толық пенсия алыў ушын еркеклерге 60 жасқа толғанда 25 жыллық жумыс стажына, ҳаялларға 55 жасқа толғанда 20 жыллық жумыс стажына ийе болғанда тайынланады. Бул талап етилгеннен аз (кеминде 7 жыл) жумыс стажына ийе болғанларға толық емес пенсия тайынланады, яғный пенсия кемирек есапланады.
Жумыс стажына нелер киреди?
Пенсия тайынлаўда жумыс стажына рәсмий ислеп, мийнет ҳақы есапланған дәўирлер, жеке тәртиптеги исбилермен, өзин-өзи бәнт еткен ямаса сырт елде жумыс ислеген шахс сыпатында Пенсия қорына социаллық салық төленген дәўирлер жумыс стажына есапланады.
Мағлыўмат ушын: ҳаял-қыз рәсмий ислеп, мийнет ҳақы есапланған ҳәм жеке тәртиптеги исбилермен, өзин-өзи бәнт еткен ямаса сырт елде жумыс ислеген шахс сыпатында социаллық салық төленген дәўирлери жәми 20 жыл болған жағдайда 54 жастан жасқа байланыслы пенсияға шығыў жеңиллиги бар.
Онда, жоқарыдағы дәўирлер ушын кеминде 7 жыллық жумыс стажына ийе болған пуқараның әскерий хызмет, жоқары оқыў орнындағы күндизги оқыў ҳәм бала тәрбиясы ушын дем алыста болған дәўирлери (ҳәр бир бала ушын 3 жыл, жәми 6 жылға шекем) де улыўма жумыс стажына қосылады.
Пенсияға таярлық қалай әмелге асырылады?
Пенсия пуқараның рәсмий ислеген дәўири ҳәм салық төленген мийнет ҳақысы (дәраматы) есапқа алынады. Яғный, пуқара рәсмий ислеп, рәсмий дәрамат алған сайын жылдан-жылға пенсияға ҳуқықы қәлиплесип барады.
Демек, ҳәр бир пуқара жумыс искерлиги ҳәм дәраматын рәсмийлестириў арқалы пенсияға таярлық көрип барады.
Ҳәммемиз пенсия жасына жақынласып атырмыз ҳәм енди пенсия ҳаққында ойлай баслаймыз. "Енди маған қанша пенсия шығады?", "Жоқары муғдарда пенсия ала ма екенмен?" сыяқлы сораўлар бизди ойландырып баслайды. Яғный, енди биз пенсияға қалай шығыў, қай жерге мүрәжат етиў, пенсия қалай есапланатуғыны, бунда нелер есапқа алынатуғыны менен қызығыўды баслаймыз. Пенсия тайынланғаннан соң болса көпшилик пуқараларымызда "Неге маған аз муғдарда пенсия тайынланды?", "Мениң есабым бойынша көбирек пенсия алыўым керек еди?" сыяқлы сораўлар туўылады.
Мине, усындай сораўлар пуқараларда болмаўы, жоқары муғдарда пенсияға шығыў ушын пенсия жасына жақын қалған пуқараларымыз, сондай-ақ, жасларымызға төмендеги усынысларды бермекшимиз:
Бириншиден, мийнет жумысыңыз рәсмий түрде барып атырғанына, ислеп атырған шөлкемиңизде жумыс стажы жазылып барылып атырғанына исеним пайда етиң. Буны өзиңиздиң my.gov.uz порталы арқалы тексерип билиўиңиз де мүмкин.
Екиншиден, санластырыў дәўиринде жасап атырғанымызды есапқа алып, жумыс бериўшиңизден жумыс стажларыңыз ҳаққындағы мағлыўматларды санластырыўды талап етиң.
Үшиншиден, шөлкемиңиз тәрепинен сизге рәсмий түрде мийнет ҳақы төленип атырғанына итибар бериң. Бунда, сизге есапланған мийнет ҳақысы, ҳақыйқатында қолыңызға алатуғын мийнет ҳақыңыз, услап қалынып атырған дәрамат салықлары, топланып атырған пенсия ушын өткерилип атырған қаржылар ҳәм басқаларды турақлы түрде тексерип барың.
Төртиншиден, егер сиз рәсмий емес түрде жумыс алып барып атырған болсаңыз, өзин-өзи бәнт етип дизимнен өтип, Пенсия қорына белгиленген тәртипте социаллық салық төлеп барың. Бул арқалы сиз жумыс стажыңызды көбейтип барасыз.
Бесиншиден, пенсия нызамшылығына байланыслы жаңалықлар, мағлыўматлар менен турақлы түрде танысып барың, киргизилип атырған өзгерислер ҳәм қосымшалардан хабардар болың.
Алтыншыдан, ҳәзирги ўақытта мийнет жумысын алып бармай атырған болсаңыз, Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик бөлимлерине мийнет дәптершесиндеги мағлыўматларын санластырыўды сорап мүрәжат етиўиңиз керек. Онда, санластырылған мағлыўматларыңызды my.gov.uz порталында көриўиңиз мүмкин.
Мийнет жумысыңыз ҳаққындағы мағлыўматларды ҳәзир санластырып қойсаңыз пенсияға шығыў ўақты келгенде артықша сергиздан болмайсыз.
Жоқарыдағы усыныслар тийкарында мийнет жумысын алып барсаңыз, пенсия жасына жеткенде пенсия тәмийнаты кепилленеди.
Қосымша мағлыўматлар, пенсияға байланыслы ҳәр қандай мәселе бойынша Пенсия қорының 1271 санлы Call markazi арқалы сораўларыңызға жуўап алыўыңыз мүмкин.