Пәрманға бола, пенсия ҳәм ғазнашылық жумысына заманагөй хызметлерди енгизиўдиң тийкарғы бағдарлары ҳәм мақсетлери етип төмендегилер белгиленди.
Соннан:
ғазнашылық ҳәм пенсия тәмийнаты системаларын санластырыў ҳәм автоматластырыў арқалы аймақларда ықшам хызмет көрсетиў офислерин шөлкемлестириў;
пуқараларға көрсетилетуғын хызметлерди толық электрон ҳәм проактив формаға өткериўге ерисиў.
Пәрманға бола, 2026-жыл 1-июльден ғазна системасындағы процесслерди автоматластырыў есабынан Санлы ғазна системасы енгизиледи.
2026-жыл 1-декабрьден пенсия системасында төмендеги процесслерди автоматластырыў арқалы:
пуқаралардың бар жумыс стажы ҳәм мийнет ҳақылары ҳаққындағы электрон мағлыўматларға тийкарланып пенсия муғдарларын алдыннан анықлаў бойынша "Мениң пенсиям" онлайн хызмети енгизиледи;
пенсия тәмийнатына байланыслы барлық хызметлер толық проактив, электрон ҳәм интерактив формаға өткериледи.








