Ең уллы, ең әзиз байрамымыз - Ўатанымыз ғәрезсизлигиниң 34 жыллығы қарсаңында Президентимиз тәрепинен қол қойылған "Жаза мүддетин өтеп атырған, қылмысына шын кеўилден пушайман болған ҳәм дүзелиў жолына беккем өткен бир топар шахсларды әпиў етиў ҳаққында"ғы пәрман елимизде бул бағдарда әмелге асырылып атырған ийгиликли реформалардың және бир әмелий тастыйығы болды.
Әпиў етиў қамақтағы шахсты жазадан толық ямаса бир бөлегине азат ететуғын ямаса суд тәрепинен тайынланған жазаны басқа жеңилирек жаза менен алмастыратуғын ямаса судланғанлықты алып таслайтуғын инсаныйлық принципи болып есапланады. Кейинги жыллары бул имканияттан пайдаланған мыңлаған ўатанласларымыз шаңарағының қушағына қайтып, тыныш-татыў турмыс кеширип атыр, ҳадал мийнети менен елимиздиң раўажланыўына өз үлесин қоспақта.
Президентимиздиң гезектеги пәрманына тийкарланып, және 523 ўатанласымызға усындай бахыт несип етти. Әпиў етилгенлердиң 195 и тийкарғы жазадан толық азат етилди, 147 и жазаны өтеўден мүддетинен алдын шәртли азат етилди, 87 синиң еркинен айырыў жазасы жеңилирек жаза менен алмастырылды. Сондай-ақ, 94 шахсқа тайынланған еркинен айырыў жазасының мүддетлери қысқартылды.
Негизинде, ҳеш бир инсан жынаятшы болып туўылмайды. Бирақ, турмыстың ашшы сынақлары алдында инсан ерк-ықрары қатаң сынақтан өтер екен, усындай жағдайларда айырымлар билип-билмей жолдан адасады, қәтеге жол қояды. Өз айыбын аңлап жеткенинде болса кеш болады. Жынаятқа жаза сөзсиз. Жазаны орынлаў процесине кирисер екен, азатлық қаншелли уллы жемис екенин аңлап жетеди. Егер және бир мәрте имканият берилип гүнасы кеширилетуғын болса, бундай қәте жолларға қайтып кирмейтуғынын айтып, тәўбеге келеди.
Адасқанды дурыс жолға баслаў, айыбын мойнына алып кеширим сораған инсанды әпиў етиў, оған имканият бериў халқымыздың ийгиликли пазыйлетлеринен болып есапланады. Бул бағдарда муқаддес китапларымызда да көплеген үгитлер келтирилген. Адасып надурыс жолға киргенди, бәринен бурын, дурыс жолға баслаў, айыбын мойынлағанын кешириў, оған шәпәәт көрсетиў жақсылықларға себеп болатуғыны атап өтилген.
Қалаберди, мәмлекетшилигимиз тарийхында әпиў етиўге байланыслы мысаллар көп. Соның ишинде, уллы Саҳыпқыран бабамыз "Темур түзиклери"нде: "Маған жаманлық етип, басымның үстинен қылыш көтергенлер, исиме көп зыян жеткергенлерди де, егер олар жалынып тәўбе етип келсе, ҳүрметлеп, жаман қылмысларын ядымнан өширдим", деп жазған.
Демек, өмир соқпақларында адасып қәтелескен ҳәм соңынан қылмысына шын кеўилден пушайман болған шахсларды кеширип, оларды дурыс жолға баслаў - жәмийетте жақсылық ҳәм мийрим-шәпәәтти күшейтиў, тынышлық ҳәм абаданлыққа ерисиўдиң әҳмийетли факторы болып есапланады. Сонлықтан, соңғы жыллары бул дәстүрлеримиздиң даўамлылығын тәмийинлеўге айрықша итибар қаратылмақта. Мәмлекетимиз басшысының бул ретки пәрманына тийкарланып әпиў етилгенлердиң 8 ин сырт ел пуқарасы, 31 ин 60 жастан асқан ер адамлар, 220 ын жаслар (соннан 1 и жас өспирим) және 15 ин қадаған етилген шөлкемлердиң жумысында қатнасқан шахслар қурайды.
Ҳаял шаңарақ қорғанының нурлы шырағы, келешек әўладлар камалының таянышы болып есапланады. Ҳәр бир шаңарақта ананың меҳирге толы ҳаўазы жаңлап турса перзентлер толық ҳәм бахытлы болып өседи. Ҳәр бир перзент ушын анасы писирген тағамдай мазалы жемис жоқ. Ҳәр бир ул-қыз оқыўдан, көшеден, жумыстан үйине қайтар екен, алдына анасы шығып қарсы алған демлерден артық қуўаныш жоқ. Бирақ, айырым ҳаяллар мине усындай бахытлы турмыстың қәдирине жетпей, жынаят жолына түседи. Нәтийжеде өзи де, перзентлери де жәбир көреди.
Дурыс, жынаят жолына кирген ана жазаны өтеўге кирискеннен соң, мәмлекетимиз тәрепинен оның перзентлериниң тәғдири бийпәрўа қалдырылмайды. Балалар мәмлекет қарамағына алынып, исенимли қолларда тәрбияланады. Бирақ, ана дийдары ҳәм мийримли сағынышы олардың нәресте жүрегин өртеп қоймай ма?! Әпиў етилгенлер арасында 45 ҳаялдың бар екенлиги мине усындай сөнген жүзлерге жаңадан нур, қаншадан-қанша шаңарақларға қуўаныш бағышлады. Әсиресе, анасынан айырылып жасап атырған перзентлер ушын бийбаҳа саўға болды.
- Инсан ушын шаңарағының қушағында болыў, перзентлериниң камалын көриўден артық бахыт жоқ, - дейди М.Каримова. - Әттең, буны кеш түсиндим. Ислеген исимнен мың мәрте пушайманман. Гүналарымды кеширип, шаңарағыма қайтыўға имканият берген Президентимизге ҳәм халқымызға мың мәрте рахмет айтаман. Енди бундай қәте жолларға ҳеш қашан қайтпайман. Маған билдирилген бул исенимди ақлаў ушын ҳадал мийнет етип, перзентлеримди ўатанымызға пайдасы тийетуғын ақыллы ҳәм жетик инсан етип тәрбиялаўға бар күшимди жумсайман.
Әпиў етиў институты шахсты тек ғана жазадан азат етиў менен шекленбейди. Бул бағдарда олардың инсаный қәдирин тиклеў, шаңарақ, мәҳәлле, жәмийетлик турмысқа бейимлесип кетиўине тийкар жаратыў да нәзерде тутылады. Пәрманда жуўапкер министрликлер ҳәм уйымларға бул бағдарда да тийисли тапсырмалар берилди.
Соның ишинде, әпиў етилген шахсларды шаңарағы ҳәм жақынларының қушағына қайтарыў, социаллық турмысқа бейимлесип, пайдалы мийнет пенен шуғылланыўы, саламат турмыс тәризин жолға қойып, жәмийетте мүнәсип орын табыўы ушын оларға жәрдем бериў белгиленген.
- Әпиў етиў институты жаза мүддетин өтеп атырған, қылмысынан шын кеўилден пушайман болған ҳәм дүзелиў жолына исенимли кирген шахсларға жаңа өмирге қайтыў имканиятын бермекте, - дейди Ташкент қаласы Шайхонтоҳур районы "Янгиобод" МПЖ баслығы Манзура Валиева. - Әҳмийетлиси, бул қайырлы дәстүр тек ғана олар ушын емес, ал жәмийет ушын да өзине тән тәрбиялық әҳмийетке ийе. Әпиў етиў әдиллик нормаларын тәмийинлеп, жәмийетимизде әдиллик ҳәм кеңпейиллик орталығын беккемлейди. Бул ийгиликли ислердиң даўамлы болыўы ҳәр биримиздиң мойнымызға үлкен жуўапкершилик жүклейди. Соның ишинде, "мәҳәлле жетилиги" тәрепинен әпиў етилгенлер ҳәм олардың шаңарағынан турақлы хабар алынып, олардың бәнтлигин тәмийинлеў, зәрүр болса, медициналық-социаллық жәрдем бериў илажлары көриледи.
Баҳор ХИДИРОВА,
"Янги Ўзбекистон" хабаршысы