Ең әҳмийетлиси, таңлаў асығыслық пенен емес, ал қызығыўшылық ҳәм мақсетлер тийкарында әмелге асырылыўы керек. Себеби, таңлаў тек ғана имканият емес, ал жуўапкершилик болып есапланады. Питкериўши қайсы жолды таңласа, кейин ала сол жолда раўажланады, турмысынан қанаатланыўы да усы таңлаўға байланыслы. Сол себепли мектеп питкериўшилериниң бүгинги талабы ҳәм қәбилетине сәйкес үш тийкарғы бағдар ҳаққындағы мағлыўматты киши қолланба сыпатында усыныўға қарар еттик.

  Биринши таңлаў: тең имканиятларға тийкарланған системадан пайдаланыў

Жоқары билимлендириў тараўындағы реформалар мәмлекетимизде ҳәр қашанғыдан да жоқары басқышқа шықты. Илим излеген жаслар ушын университетлер билим ҳәм умтылыс орайына айланды. Ең тийкарғысы, ҳәр бир абитуриент ушын ашық-айдын, әдил ҳәм тең имканиятларға тийкарланған система жаратылды. Бул болса ҳақыйқатлық ҳәм исенимди және де беккемледи.

"Алдын тест - кейин таңлаў" системасы мине усындай заманагөй ҳәм әдалатлы қатнастың үлгиси болып есапланады. Абитуриент алдын тест сынақларында қатнасады. Нәтийжелер белгили болғаннан соң топлаған балына қарап бес ЖООды таңлайды. Соған бола оқыўға киреди. Енди студент қайсы университетке кириўин алдыннан болжамайды, ал қаншелли билимли екенин тест арқалы дәлиллеп, соң имканиятына сәйкес ЖОО ҳәм бағдарды еркин таңлайды. Бул система ҳәр бир жас ушын ҳақыйқый тең старт, ҳадал бәсеки ҳәм әдалатлы қарар қабыл етиў имканиятын береди. Бундай қатнас билимлендириў тараўындағы ашық-айдынлық ҳәм исенимди және де беккемлемекте.

Абитуриент жоқары билимлендириў мәкемесине кириў ушын жетерли балл топламаса да ҳәрекети босқа кетпейди. Ол техникумларға оқыўға қабыл етилиўи мүмкин. Бул система жаслардың руўхын түсирмей, келешеги ушын зәрүр кәсип-өнерли болыўына хызмет етеди. Бул билимлендириў мәкемелеринде жаслар академиялық теория менен бирге әмелий көнликпелерди де ийелейди. Техникумды айрықша баҳалар менен тамамлаған жаслар жоқары билимлендириў мәкемелерине тестсиз, сәўбетлесиў тийкарында қабыл етиледи. Бул болса билимли, тәртипли ҳәм жуўапкершиликли жигит-қызлар ушын және бир имканият.

2019/2020-оқыў жылында мәмлекетлик грант тийкарында 22 мың 321 абитуриент оқыўға қабыл етилген болса, 2024/2025-оқыў жылында бул көрсеткиш 44 мың 203 ге жетти. Яғный соңғы бес жылда мәмлекетлик грант тийкарында билим алыў имканияты дерлик еки есеге көбейген.

Ҳаял-қызлардың билим алыў ҳуқықын тәмийинлеў - мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарларынан бири. 2020-жылдан баслап Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар мәмлекетлик комитетиниң усынысына ийе болған қызлар ушын қосымша 4 процентлик мәмлекетлик грант ажыратып келинбекте. 2020/2021-оқыў жылында - 940, 2021/2022-жылда - 2000, 2022/2023-жылдан баслап ҳәр жылы 2000 ҳаял-қыз ушын өз алдына мәмлекетлик грантлар ажыратылыўы белгиленди. Сондай-ақ, 2022-жылдан баслап магистратураға қабыл етилген ҳаял-қызлардың шәртнама пулы мәмлекет тәрепинен төлеп берилмекте. Буннан тысқары, кеминде 5 жыллық жумыс стажына ийе, бирақ жоқары мағлыўматы болмаған 500 ҳаял-қыз ҳәр жылы өз алдына тест сынақлары тийкарында төлемли-коньтракт тийкарында оқыўға қабыл етиледи.

Екинши таңлаў: сырт елде оқыў ҳәм халықаралық бәсекиге қосылыў

 - Бүгинги жаслар түрли грант бағдарламалары арқалы жергиликли ҳәм халықаралық көлемде билим алыў ушын кең имканиятқа ийе. Бул бағдарламалар бакалавриат, магистратура ҳәм докторантура дәрежелерин қамтып алады. Бундай грантлар мәмлекетлик структуралар ҳәм жеке меншик шөлкемлер тәрепинен берилиўи мүмкин, - дейди Гарвард университетиниң магистранты Жаҳонгир Саъдиeв. - Сырт елде билим алыў - мыңлаған жаслардың әрманы. Бирақ сырт елде оқыў менен бирге пайда болатуғын финанслық ҳәм басқа да көплеген қыйыншылықлар бул жолда тосқынлық болыўы мүмкин. Бул машқалаға шешим сыпатында көплеген мәмлекетлер тәрепинен қәбилетли студентлердиң халықаралық университетлерде билим алыўын қоллап-қуўатлаў ушын грантлар ажыратылған.

Мәселен, " Fulbright Scholarship" халықаралық студентлер бағдарламасы бар. Бул бағдарлама 155 мәмлекеттен келген ҳәм АҚШта магистратура ямаса PhD (докторлық) дәрежесин алыўды қәлеўши сырт елли студентлердиң қәрежетин толық қаржыландырады. Грант оқыў төлеми, сабақлықлар, авиабилет, жасаў ушын стипендия ҳәм медициналық қамсызландырыўды өз ишине алады. Ҳәр жылы шама менен 1800 студентке грант ажыратылады. Өзим де Европаның “Chevening”, DAAD, “Hungaricum”, “Erasmus Mundus” сыяқлы онлаған грантларына ҳүжжет тапсырып, ҳәммесинен бир жылда қайтқаным ушын салыстырмалы қыйын болса да, "Fulbright Scholarship"ке ҳүжжет тапсырып, алдынғы тәжирийбелеримниң нәтийжесинде грантты қолға киргизгенмен.

FLEX бағдарламасы болса АҚШ мәмлекетлик департаменти тәрепинен қаржыландырылады. Бағдарлама мектептиң жоқары класс ҳәм колледж/ лицей оқыўшыларының 1 жыл Америкада бийпул жасаў ҳәм билим алыўын тәмийинлейди. Жеңимпаз талабанлар кеўилли сыпатында қатнасып атырған АҚШтағы қабыл етиўши шаңарақта бағдарлама даўамында бийпул жасаўы ҳәм жергиликли мектепте оқыўы мүмкин.

DAAD грант бағдарламасы бакалавриатты тамамлаған ямаса оның соңғы басқышында оқып атырған студентлерге Германия университетлеринде магистратура ҳәм докторантура басқышында оқыўды даўам еттириў имканиятын береди.

Түркия Бурслары грант бағдарламасы бакалавриат, магистратура ҳәм докторантура басқышында оқыўды толық қаржыландырады. Бағдарламаға барлық мәмлекет пуқаралары арза тапсырыўы мүмкин. Түрк тилин алдыннан билиў талап етилмейди.

MЕХТ Японияның абырайлы грант бағдарламасы болып есапланады. Ол Өзбекстан ҳәм басқа да мәмлекетлерден барған студентлерге Японияда бакалавриат, магистратурада оқыў ҳәм илимий изертлеў жумысларын даўам еттириў ушын финанслық жәрдем көрсетеди.

Жоқарыда санап өткенлерим ҳаққында толық мағлыўматлар усы бағдарламалардың рәсмий веб-бетлеринде ҳәм басқа да социаллық платформаларда келтирилген.

Ҳәр тәреплеме қәўипсиз ҳәм қолайлы жол излеп атырған болсаңыз, "Эл-юрт умиди" қоры бул бағдарда қызғын жәрдемин аямайды. Ол арқалы сырт еллердиң абырайлы жоқары билимлендириў мәкемелери ҳәм илимий-изертлеў орайларында билим алып қайтқан стипендиатлардың кейинги табысына қарап, қордың ҳақыйқый имканиятларын баҳалай аласыз.

"Эл-юрт умиди" қорының стипендиаты болып, елдиң раўажланыўына үлес қосыў ушын болса ҳеш қандай курсларға қатнасыў керек емес. Белгиленген устав қағыйдаларын жақсылап үйрениң. Талаплар менен танысып шығып, ҳүжжетлериңизди тапсырың.

Хош, стипендия таңлаўына ҳүжжет тапсырыўда нелерге итибар қаратыў керек? Биринши гезекте, талабанның белгиленген режедеги талапларға муўапықлығы. Екиншиден, "Эл-юрт умиди" қорының стипендия таңлаўында қатнаспақшы болған талабан еркин түрде сырт ел билимлендириў ҳәм илимий мәкемелеринен бирине оқыўға қабыл етилген болыўы керек. Соның менен бирге, стипендия таңлаўында талабан тәрепинен таңланған қәнигеликтиң үстинлигине айрықша итибар бериледи.

Қордың стипендия таңлаўларында жумыс ҳәм оқыў орнына қарамастан, Өзбекстан Республикасының барлық пуқарасы қатнасыўы мүмкин. Стипендия таңлаўында бакалавриат тәлим бағдарламасы бойынша - 25 жасқа шекем, магистратурада - 20 жастан 45 жасқа шекем, докторантурада - 22 жастан 45 жасқа шекемги талабанлар қатнасыўы мүмкин.

Талабанлар еки басқышта таңлап алынады: биринши басқыш ҳүжжетлерди режеде белгиленген талаплар тийкарында қабыл етиў, таллаў ҳәм дизимге алыўды нәзерде тутады. Бул басқыш қор хызметкерлери тәрепинен өткерилип, оның жуўмақлары бойынша ҳүжжетлерин қор талапларына муўапық усынған, таңлап алыў таңлаўының екинши басқышына өткен қатнасыўшылардың жыйынды дизими дүзиледи. Стипендия таңлаўының екинши басқышында мәмлекетлик тилде сәўбетлесиў өткериледи.

Сырт елде билим алыўды шөлкемлестириў TНE (Thе Timеs Нighеr Educаtiоn Wоrld Univеrsity Rаnkings), QS (Quаcquаrеlli Symоnds Wоrld Univеrsity Rаnkings), Thе U. S. Nеws аnd Wоrld Rеpоrt (Bеst Glоbаl Univеrsity Rаnkings) ҳәм ARWU (Acаdеmic Rаnking оf Wоrld Univеrsitiеs) сыяқлы халықаралық көлемде тән алынған академиялық рейтинглердиң ең алдынғы 300 (яки таңлап алынған пән бойынша жетекши 100) билимлендириў ҳәм илимий мәкемелер дизиминен орын алған сырт ел билимлендириў, илимий ҳәм басқа да мәкемелер шеңберинде әмелге асырылады.

  Үшинши таңлаў: заманагөй кәсип үйренип, санлы технологиялар имканиятынан пайдаланыў

Санлы экономиканың кеңейиўи, жасалма интеллект ҳәм интернет технологияларының жедел раўажланыўы нәтийжесинде дүнья бойлап мийнет базары түп-тийкарынан өзгерип бармақта. Өзбекстан да бул процесстен шетте емес. Кейинги жыллары мәмлекетимизде жаслардың заманагөй кәсиплерди үйрениўи, санлы тараўларда маманлығын арттырыўы ушын түрли платформа ҳәм басламалар пайда болмақта.

Жасалма интеллект, санлы маркетинг, веб-дизайн, программаластырыў, миллий контент жаратыў, видео монтаж, график дизайн сыяқлы тараўлар базардың ең талап жоқары бағдарларына айланды. Бул кәсиплердиң тийкарғы абзаллығы сонда, онлайн курслар, bootcamp бағдарламалары, өз бетинше оқыў қураллары арқалы қысқа мүддетте әмелий көнликпеге ийе болыў мүмкин.

Елимизде бул тараўды қоллап-қуўатлайтуғын басламалар, исленген жумыслар, жойбарлар оғада көп. IТ компаниялар ушын перспективалы басланғыш жойбарлар, сыртқы экономикалық зона, соның ишинде, илимий ҳәм билимлендириў шөлкемлери менен интеграцияласқан ҳалда иске қосыў ҳәм базарға шығарыўды тәмийинлеўге мөлшерленген объектлер, имарат ҳәм объектлер комплекси болған IТ паркти алайық. Белсенди ҳәм қәбилетли инсанлар бухгалтерия есабы, юридикалық, маркетинг ҳәм билимлендириў арқалы өз идеяларын ҳақыйқый бизнес жойбарларына айландырыў ушын үлкен имканиятқа ийе болатуғын орын.

Буннан тысқары, сапалы миллий платформа ҳәм контентлер бар. Мәселен, Mohirdev миллий платформа болып, тийкарынан программаластырыўға бағдарланған. Платформада Python, JavaScript, веб-программаластырыў ҳәм жасалма интеллект тийкарларын үйрениўди қәлеген жаслар ушын әжайып видеосабақлар ҳәм қызықлы тестлер бар. Сондай-ақ, Skillbox.uz, Eduon.uz, Stepik.uz ҳәм басқа да көплеген платформалар заманагөй кәсиплерди өзбек тилинде үйрениўге мөлшерленген. Видеоқолланбалар, сертификатлар ҳәм қәнигелер жәрдеми арқалы жаслар көнликпесин беккемлеўи мүмкин.

Ҳәзирги жасларда өз потенциалын көрсетиў ушын шараят жетерли. Олардан талап етилетуғыны - жигерлилик ҳәм талапшанлық. Бирақ буның ушын автомобиль, той арқалы пул табыўды бас мақсет етип қоймаў керек. Режелериңисти темир-терсектен жоқары қойың. Кәсипке көп пул келтиретуғын дәрек сыпатында бир тәреплеме қарамаў, тек ғана бай болыў ҳаққында ойламаў керек. Сиз унатпаған ҳеш бир кәсип заўықланып ислеп тапқан пулыңызға жетпейди. Сизге заўық бағышлаған кәсип болса сизди бай еткенин өзиңиз де билмей қаласыз.

 

Азизбек ЮСУПОВ,

"Янги Ўзбекистон" хабаршысы