Өзбекстан Республикасы менен Европа Аўқамы арасында кеңейтилген шериклик ҳәм бирге ислесиў ҳаққында тарийхый келисимге қол қойылды

    Сиясат 24 қазан 2025 2630

    24-октябрь күни Брюссель қаласында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев, Европа кеңеси Президенти Антонио Кошта ҳәм Европа комиссиясы Президенти Урсула фон дер Ляйен қатнасыўында Өзбекстан Республикасы менен Европа Аўқамы арасында кеңейтилген шериклик ҳәм бирге ислесиў ҳаққындағы келисимге қол қойыўға бағышланған салтанатлы мәресим болып өтти.

    Ҳүжжет ҳәзирги ўақытта 1996-жылғы Шериклик ҳәм бирге ислесиў ҳаққындағы келисимге тийкарланып атырған Өзбекстан-Европа бирге ислесиўиниң ҳуқықый базасын жаңалайды ҳәм сезилерли дәрежеде кеңейтеди.

    Жаңа Келисим жойбары бойынша сөйлесиўлер 2019-жыл февральда басланған ҳәм 2022-жыл июльде жуўмақланған еди. Парафирлеў 2022-жыл 6-июль күни Брюссель қаласында болып өтти.

    Ҳүжжет 9 бөлим, 356 статья ҳәм 14 қосымшадан ибарат. Ол еки тәреплеме қатнасықлардың дерлик барлық тараўларын қамтып алады, саўда ҳәм инвестициялар, турақлы раўажланыў, илим ҳәм билимлендириў, инновациялар ҳәм жоқары технологиялар, қоршаған орталық ҳәм климат өзгериўи сыяқлы өз-ара пайдалы барлық бағдарларда сиясий сөйлесиўди беккемлеў ҳәм бирге ислесиўди тереңлестириў ушын кең көлемли ҳуқықый тийкар жаратады.

    Келисимге қол қойылыўы Өзбекстанның ЕА менен қатнасықларында жаңа басқышты баслап береди ҳәм көп қырлы шерикликти мисли көрилмеген жоқары дәрежеге алып шығады.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates