Ҳүжжет ҳәзирги ўақытта 1996-жылғы Шериклик ҳәм бирге ислесиў ҳаққындағы келисимге тийкарланып атырған Өзбекстан-Европа бирге ислесиўиниң ҳуқықый базасын жаңалайды ҳәм сезилерли дәрежеде кеңейтеди.

Жаңа Келисим жойбары бойынша сөйлесиўлер 2019-жыл февральда басланған ҳәм 2022-жыл июльде жуўмақланған еди. Парафирлеў 2022-жыл 6-июль күни Брюссель қаласында болып өтти.

Ҳүжжет 9 бөлим, 356 статья ҳәм 14 қосымшадан ибарат. Ол еки тәреплеме қатнасықлардың дерлик барлық тараўларын қамтып алады, саўда ҳәм инвестициялар, турақлы раўажланыў, илим ҳәм билимлендириў, инновациялар ҳәм жоқары технологиялар, қоршаған орталық ҳәм климат өзгериўи сыяқлы өз-ара пайдалы барлық бағдарларда сиясий сөйлесиўди беккемлеў ҳәм бирге ислесиўди тереңлестириў ушын кең көлемли ҳуқықый тийкар жаратады.

Келисимге қол қойылыўы Өзбекстанның ЕА менен қатнасықларында жаңа басқышты баслап береди ҳәм көп қырлы шерикликти мисли көрилмеген жоқары дәрежеге алып шығады.