"Өзгидромет"тиң мәлим етиўинше, 4-5-декабрь күнлери республикамызға ығал ҳәм салыстырмалы суўық ҳаўа ағымы кирип келиўи күтилмекте. Арқа аймақлардан тысқары көплеген аймақларда айырым жерлерде жаўын, таўлы аймақларда жаўын ҳәм ығал қар жаўады. Күндизги температура 6-11гр жыллыға шекем төменлейди.
Түнде 1-декабрьден 5-декабрьге шекемги дәўирде температура 3° суўықтан 2° жыллыға шекем өзгереди.
Самалдың бағыты шығыстан күшсиз, орташа болыўы күтиледи. Айырым жерлерге думан түсиўи мүмкин.
Ташкент қаласында ҳаўа райы: 1-3-декабрь күнлери жаўын-шашын болмайды. 4-5-декабрь күнлери ўақты-ўақты менен аз-маз жаўын жаўады. Ҳаўаның температурасы түнде 0-5гр жыллы, күндиз 1-3-декабрьде 13-15гр жыллы, күндиз 4-5-декабрьде 8-11гр жыллы.








