Пакистан Бас министриниң Өзбекстанға рәсмий сапары жуўмақланды

    Пакистан Ислам Республикасы Бас министри Шаҳбоз Шарифтиң Өзбекстанға сапары жуўмақланды.

    Ташкент қаласы халықаралық аэропортында жоқары мәртебели мийманды Өзбекстан Республикасы Бас министри Абдулла Арипов ҳәм басқа да рәсмийлер шығарып салды.

    Еслетип өтемиз, жоқары дәрежедеги сөйлесиўлерде Өзбекстан-Пакистан стратегиялық шериклик ҳәм ҳәр тәреплеме бирге ислесиў қатнасықларын және де раўажландырыў ҳәм кеңейтиў мәселелери орын алды.