"Дүнья" ААның хабар бериўинше, сапар шеңберинде 29-май күни мәмлекетимиз делегациясы ўәкиллери Лахор қаласында болды ҳәм Лахор Саўда-санаат палатасы, Улыўмапакистан тоқымашылық ислеп шығарыўшылары ассоциациясы, тоқымашылық, тери ҳәм жүнди қайта ислеў компаниялары менен бир қатар ушырасыўлар өткерди.
Атап айтқанда, "Taba Group" холдингиниң қурамына киретуғын "Yunus Textile Mills" компаниясы менен үй тоқымашылығы бағдарында қоспа жойбарларды әмелге асырыў мәселелери додаланды.
Пакистан компаниясы Өзбекстандағы кем қуўатлылықта ислеп атырған ямаса жумысын тоқтатқан кәрханалар базасында биргеликтеги жойбарларды кеңейтиўден мәпдар екенин билдирди. Ушырасыў жуўмағында тәреплер өз-ара түсинисиў меморандумына қол қойды.
"Sapphire" компаниясының басшылары менен болса Өзбекстанда киши жастағы балалар ушын кийим-кеншек ислеп шығарыў, ийирилген жип ҳәм пахта шығындыларын импорт етиў мәселелери бойынша ҳәр тәреплеме пикир алысылды.
Сондай-ақ, Лахор Саўда-санаат палатасында 50 ден аслам исбилермен топар ўәкиллери менен дөгерек сәўбети өткерилди. Жыйналғанларға Өзбекстанның инвестициялық потенциалы, аймақларда әмелге асырылып атырған жойбарлар, еркин экономикалық зоналар, экспортқа қолайлы өнимлер ҳаққында толық мағлыўмат берилди.
Палата баслығы Миан Абузар Шад пенен болып өткен сөйлесиў нәтийжесинде өз-ара саўда-экономикалық байланысларды және де беккемлеў, экспортты диверсификациялаў, биргеликте тоқымашылық, былғары аяқ-кийим, қурылыс материаллары, медициналық әсбап-үскенелерди ислеп шығарыў тараўларында бирге ислесиў перспективалары белгилеп алынды.
Улыўмапакистан тоқымашылық ислеп шығарыўшылары ассоциациясы менен өткерилген ушырасыўда мәмлекетимиздеги тоқымашылық тараўында кем қуўатлылықта ислеп атырған кәрханаларды пакистанлы шериклерге басқарыўға бериў ҳәм үшинши мәмлекетлер базарларына экспортты жолға қойыў мәселелери көрип шығылды.
Бирлеспе басшысы тоқымашылық тараўында өзбекстанлы бирге ислесиўшилерди ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўға таяр екенин билдирип, усы жылдың июль айында Өзбекстан кәрханалары менен танысыў ушын мәмлекетимизге келиў тилегинде екенин мәлим етти.
Буннан тысқары, Өзбекстан делегациясының қатнасыўында Лахор қаласында "Өзбекстан саўда үйи"ниң салтанатлы ашылыў мәресими болып өтти.
Илажда Лахор қаласы ҳәкимшилиги, ири исбилермен топар ўәкиллери, жергиликли саўда-санаат палатасының ағзалары қатнасты. Мәресим қатнасыўшыларына Өзбекстанда ислеп шығарылған санаат өнимлери, мәмлекетимиздеги инвестициялық орталық, сырт ел инвесторлары ушын жаратылған сийрек ушырасатуғын жеңиллик ҳәм қолайлықлар ҳаққында толық мағлыўмат берилди.
Илаж жуўмағында Өзбекстан Саўда-санаат палатасы ҳәм Пакистанның жетекши "Diner’s Group" компаниясы арасында биргеликте "Өзбекстан саўда үйи"ниң жумысын жолға қойыў ҳаққында бирге ислесиў меморандумына қол қойылды.
Сондай-ақ, тери ҳәм былғары өнимлер ислеп шығарыўға қәнигелескен "Dada Group" компаниясы менен өткерилген ушырасыўда Өзбекстанда қой, ешки ҳәм қарамал терисин қайта ислеў және таяр өнимлер ислеп шығарыў мәселелери додаланды.
Өз-ара пайдалы биргеликтеги жойбарлар бойынша кейинги қәдемлерди белгилеў мақсетинде тез арада компания делегациясының Өзбекстанға сапарын әмелге асырыўға келисип алынды.









