Мәмлекетлик кәрханалардың жумыс нәтийжелилиги артады

    20 қараша 2025 322

    Өзбекстан Республикасы Президентиниң "Мәмлекетлик кәрханаларда өзине түсер баҳаны азайтыў ҳәм нәтийжелиликти арттырыў илажлары ҳаққында"ғы бийлиги қабыл етилди (18.11.2025-жыл Р-59-санлы).

    Буйрықты қабыл етиўден тийкарғы мақсет 2026-жылы мәмлекетлик үлеси 50 процент ҳәм оннан жоқары болған кәрханаларда өнимниң өзине түсер баҳасын азайтыў ҳәм жумыс нәтийжелилигин арттырыў болып есапланады.

    Пәрманға муўапық, мәмлекетлик кәрханаларда өнимниң өзине түсер баҳасын азайтыў ҳәм мийнет өнимдарлығын арттырыўдың төмендеги тийкарғы бағдарлары белгиленди, соның ишинде:

    қәрежетлерди ҳәр шеректе қайта таллаў (spending review) арқалы ҳәм ҳәр бир бағдардың келеси дәўирдеги әҳмийетлилигинен келип шығып, бюджетти толық "нолден" қайта көрип шығыў;

    үнемлеп ислеп шығарыў ҳәм нормалаў принциплерин енгизиў.

    Соның менен бирге, мәмлекетлик кәрханаларда өзине түсер баҳаны азайтыў ҳәм нәтийжелиликти арттырыў мәселелерин муўапықластырыў бойынша Республикалық комиссия шөлкемлестирилип, оның тийкарғы ўазыйпалары етип төмендегилер белгиленди:

    қәрежетлерди оптималластырыў ҳәм нәтийжелиликти арттырыў бойынша бағдарламаларды таярлаўда мәмлекетлик кәрханаларға методикалық жәрдем көрсетиў;

    төлемлер системасын жетилистириў арқалы дебиторлық ҳәм кредиторлық қарыздарлықты қысқартыў.