Бийлик пенен Өзбекстан Республикасы Конституциясы күнине бағышланған байрам илажларына таярлық көриў ҳәм оны өткериў бағдарламасы тастыйықланды.
Орынларда Өзбекстан Республикасы Конституциясы күнин Жаңа Өзбекстанды қурыў руўхына сай өткериў мақсетинде төмендеги мәселелерге айрықша итибар қаратылады, атап айтқанда:
әмелге асырылып атырған реформаларда жаңа редакциядағы Конституцияда белгиленген халық ҳәкимияты, инсан қәдири, еркинлик ҳәм теңлик, социаллық әдиллик сыяқлы ийгиликли идеялардың сәўлелениўин сәўлелендириў;
жаңа редакциядағы Конституция тийкарында инсан ҳуқықлары ҳәм еркинликлери тараўында пүткиллей жаңа басқышқа өтиў, "Конституция - инсан қәдири, еркинлиги, теңлиги ҳәм әдиллигиниң кепили!" деген турмыслық сүренниң мазмун-мәнисин ашып бериў;
Конституция байрамы алдынан билимлендириў шөлкемлеринде белгили ҳуқықтаныўшылар, илимпазлар, судлар, әдиллик уйымлары ҳәм басқа да ҳуқықты қорғаў уйымларының басшылары ҳәм хызметкерлери қатнасыўында Конституция сабақларын өткериў.



