"Өзгидромет"тиң мәлим етиўинше, 1-2-октябрь күнлери Қазақстан аймағынан елимизге салқын ҳәм ығал ҳаўа кирип келе баслайды. Бул температура төменлеўи ҳәм жаўын-шашын болыўына алып келеди.
1-октябрьде Қарақалпақстан, Наўайы, Ташкент ўәлаятларының арқа аймақларында айырым жерлерде жаўын жаўады. 2-октябрьде Ферғана ойпатлығы ўәлаятларында, түнде ҳәм азанда Ташкент, Самарқанд, Жиззақ, Сырдәрья ўәлаятларында жаўын жаўыўы күтиледи. 3-октябрьде жаўын-шашын Ферғана ойпатының айырым аймақларында сақланып турады.
1-2-октябрь күнлери ҳаўаның температурасы 8-10 дәрежеге төменлейди. Түнги ҳәм азанғы ўақытлары термометрдиң көрсеткиши 8-13 дәрежеге шекем төменлейди, күндизги ўақытлары болса ҳаўаның температурасы 18-23 дәрежеден аспайды. Ҳаўаның температурасы түнде +4...+9 градус жыллы, күндиз +15...+18 градус жыллы болады.
3-октябрь күни республика аймағының көпшилик бөлегинде күндизги температура 2-3 дәрежеге көтериледи.
Республикамыздың қубласында ыссы ҳаўа райы 1-октябрьге шекем сақланып турады, 2-3-октябрь күнлери болса температураның 20-25 дәрежеге шекем төменлеўи бақланады.
Самалдың тезлиги 13-18 м/с қа шекем күшейиўи, айырым жерлерде шаң-тозаң болыўы мүмкин.
Ташкентте: 28-30-сентябрь күнлери жаўын-шашын болмайды. 1-октябрьде түнде ҳәм 2-октябрьде азанда ўақты-ўақты менен жаўын жаўады. 3-октябрьде жаўын-шашын болмайды.
Самалдың бағыты шығыстан тезлиги 3-8 м/с, батыстан 10-12 м/с қа шекем күшейиўи мүмкин.
Ҳаўаныӊ температурасы 29-30-сентябрьде түнде - 15-17 градус жыллы, күндиз - 26-29 градус жыллы.
1-2-октябрьде түнде ҳаўаның температурасы 8-11 градус жыллыға шекем, күндиз 18-21 градус жыллыға шекем төменлейди.
3-октябрь күни түнде - 8-11°, күндиз - 22-24°.