Ушырасыўда мәмлекетимиздиң түрли аймақларынан 350 жас экоактивист қатнасты. Және 300 ден аслам жаслар аймақлық студияларда өз пикир-усынысларын билдирди.
Ашықтан-ашық сөйлесиўде Сенат Баслығы елимизде жаслардың экологиялық билимлерин арттырыў, олардың тәбиятты қорғаўға қаратылған басламаларын қоллап-қуўатлаў бағдарында әмелге асырылып атырған жумысларға тоқтап өтти. Президентимиздиң усы жыл 25-марттағы қарары тийкарында басланған "Эко мәденият" улыўма миллий жойбары экологиялық билимлендириў ҳәм тәрбияны раўажландырыў, жаслардың илимий ҳәм дөретиўшилик потенциалын жүзеге шығарыўда жаңа имканиятлар ашып атырғаны атап өтилди.
Экологиялық мәдениятты қәлиплестириў шаңарақтан басланып, мәҳәлле ҳәм мектеплерде даўам еттирилиўи керек екенлиги атап өтилди. Суўды қәстерлеп сақлаў, тереклерди тәрбиялаў, әтирапты тазалықта сақлаў сыяқлы әпиўайы көнликпелер күнделикли турмыстың бир бөлегине айланып, тәбиятқа жуўапкершиликли қатнасты қәлиплестириўде әҳмийетли орын ийелейтуғыны атап өтилди.
Жаслардың экологиялық билимлендириў, стартап ҳәм жәмийетлик қадағалаўдағы қатнасын кеңейтиў, олардың идея ҳәм усынысларын әмелий жойбарларға енгизиў мәселелери бойынша пикир алысылды. Жас экоактивистлер бир жыл даўамында әмелге асырылған жумыслар, өзлериниң экологиялық жойбарлары ҳаққында айтып берди ҳәм COP31 климат конференциясында қатнасыў тәжирийбеси менен ортақласты.
Қашқадәрья ўәлаяты Яккабағ районындағы № 37-мектептиң оқыўшылары менен шөлкемлестирилген телекөпир сөйлесиўдиң және бир әҳмийетли бөлеги болды. Оның шеңберинде мектеп жәмәәтиниң “Eco-Schools” халықаралық бағдарламасындағы қатнасыўы ҳәм ерискен жетискенликлери көрсетилди. Телекөпир даўамында оқыўшылар мектеп аймағында халықаралық бағдарлама шеңберинде жоқары тән алыў белгиси болған "Жасыл байрақ"ты көтериў мәресиминде қатнасты.