Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң 2025-жыл 14-февраль күни сырт ел жоқары оқыў орынларында билим алып атырған жаслар менен ушырасыўында оқыў тамамланғаннан соң олардың Ўатанға қайтыўы ҳәм мәмлекетимиздиң раўажланыўына үлес қосыўы ушын барлық шараятлар жаратылатуғыны атап өтилген еди.

Атап айтқанда, Уллы Британияның абырайлы Нортгемптон университети өзбекстанлы исбилермен Муҳаммадхон Салиевти өзиниң ең табыслы питкериўшилеринен бири сыпатында тән алды.

Муҳаммадхан 2017-жылы Нортгемптон университетин тамамлаған болып, ҳәзирги ўақытта Өзбекстанда билимлендириў ҳәм социаллық исбилерменлик тараўында белсенди жумыс алып бармақта. Оның басшылығында 2021-жылы Европадан 600 мың евро муғдарында инвестициялық грант тартылып, елимизде билимлендириў хызметлериниң экспортын раўажландырыўға тийкар жаратылды.

Муҳаммедхан Салиевтиң өз сөзи менен айтқанда:

- Ҳәзирги ўақытта көплеген өзбекстанлы жаслар дүньяның ең абырайлы жоқары оқыў орынларында билим алмақта. Олардың тек ғана сырт елде емес, ал Ўатанымызға қайтып, билим ҳәм тәжирийбесин елимиздиң мәпи жолында қолланыўы ушын барлық шараят жаратылған. Нортгемптон университетиниң мени өзимниң ең табыслы питкериўшилерим қатарында тән алыўын мәмлекетимиз жасларының нелерге уқыплы екенлигине берилген қалыс баҳа, деп билемен.