Бирақ күни кеше дүньяда және бир келиспеўшилик ошағының ҳәўиж алғаны тек ғана Жақын Шығыс емес, ал регионымызға да өз тәсирин көрсетпей қоймайды. Кескинлесиў даўам етсе, пандемиядан кейин енди ғана тикленип атырған саўда байланыслары ҳәм логистика маршрутлары қыйынласады.
"Тынышлық, әдиллик ҳәм инсан қәдирин улығлаўға болған талап ҳәр қашанғыдан да артып бармақта. Соның ушын ҳәр бир ҳәким аймағындағы, министрлер болса тармағындағы имканиятлар менен қәўип-қәтерлерди алдыннан көрип, проактив, яғный тапсырма күтпей, өзи баслама көрсетип ислеўге өтиўи шәрт. Ең әҳмийетлиси, халық ҳәм бизнес пенен қарым-қатнасты және де күшейтип, олар сорап атырған мәселелерди тез-тез шешип бериў бул басшылардың тийкарғы ўазыйпасы болыўы зәрүр", - деди мәмлекетимиз басшысы.