Президент пәрманы менен бир қатар тайынлаўлар әмелге асырылды

    14 шілде 2025 1386

    Өзбекстан Республикасы Президентиниң тийисли пәрманы менен:

    Абдулазиз Ҳафизович Камилов Өзбекстан Республикасы Президентиниң сыртқы сиясат бойынша кеңесгөйи лаўазымына тайынланды ҳәм усы мүнәсибет пенен Өзбекстан Республикасы Президентиниң сыртқы сиясат мәселелери бойынша арнаўлы ўәкили лаўазымынан азат етилди;

    Ғофуржон Ғаниевич Мирзаев Өзбекстан Республикасы Президентиниң кадрлар бойынша кеңесгөйи лаўазымына тайынланды ҳәм усы мүнәсибет пенен Өзбекстан Республикасы Президентиниң кадрлар сиясаты мәселелери бойынша кеңесгөйи - Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик хызметти раўажландырыў агентлигиниң директоры лаўазымынан азат етилди;

    Равшан Аюбович Гулямов Өзбекстан Республикасы Президентиниң экономикалық сиясат бойынша кеңесгөйи лаўазымына тайынланды ҳәм усы мүнәсибет пенен Өзбекстан Республикасы Президентиниң экономикалық раўажланыў мәселелери бойынша кеңесгөйи лаўазымынан азат етилди;

    Сардор Уктамович Умурзаков Өзбекстан Республикасы Президентиниң стратегиялық раўажланыў бойынша кеңесгөйи лаўазымына тайынланды ҳәм усы мүнәсибет пенен Өзбекстан Республикасы Президентиниң арнаўлы тапсырмалар бойынша кеңесгөйи лаўазымынан азат етилди;

    Мансурбек Полвонзода Оллоёров Өзбекстан Республикасы Президентиниң социаллық қорғаў бойынша кеңесгөйи - Социаллық қорғаў миллий агентлиги директоры лаўазымына тайынланды ҳәм усы мүнәсибет пенен Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи - Социаллық қорғаў миллий агентлиги директоры лаўазымынан азат етилди;

    Русланбек Куролтайевич Давлетов Өзбекстан Республикасы Президентиниң ўәкилликли уйымлар, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер, дин ҳәм жаслар мәселелери бойынша кеңесгөйи лаўазымына тайынланды ҳәм усы мүнәсибет пенен Өзбекстан Республикасы Президентиниң жәмийетлик-сиясий, диний-ағартыўшылық ҳәм жаслар мәселелери бойынша кеңесгөйи лаўазымынан азат етилди.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates