Бул жердеги 37 көп қабатлы турақ жай ҳәм 1 мың 400 ҳәўлиде 6 мыңға шамалас халық жасайды. Мәмлекетимизде мәҳәлле кесиминде әмелге асырылып атырған мәнзилли жумыслар Ийкотада да өз нәтийжесин бермекте. Жаңа көп қабатлы жайлар қурылған. Тротуарлар ҳәм ишки көшелер оңланған. Майданларға гүллер ҳәм майсалар егилген.
Өткен жылы үш қабатлы мәҳәлле уйымы пайдаланыўға тапсырылған еди. Енди мәмлекетлик бюджет есабынан 358-улыўма билимлендириў мектеби қурылды. Президентимиз бул жаңа мәкемени көзден өткерди.
Билимлендириў системасына берилип атырған итибардың айқын көринисин бул жерде де көриў мүмкин. Дерлик мың орынға ийе мектепте пән ханалары, компьютер ҳәм шет тили ханалары, робототехника дөгереги, лаборатория зәрүр оқыў үскенелери менен тәмийинленген. Китапхана, спорт залы, футбол майданы ҳәм асхана балалар ушын кең қолайлықлар жаратылған.
Педагоглар менен пикирлесиў ўақтында балалардың қәбилетин дурыс қәлиплестириў, кәсиплик билимлендириўди раўажландырып, питкериўшилерди кәсип-өнерли етип турмысқа бағдарлаў әҳмийетли екенлиги атап өтилди. Атап айтқанда, мәлимлеме технологиялары, робототехника, инженерлик сыяқлы бағдарларды кеңейтиў, жас өспиримлерде әскерий-ўатансүйиўшилик руўхын күшейтиў ўазыйпалары көрсетип өтилди.
Мәҳәлледеги жаңа турақ жайлардың биринши қабатларында еки жеке меншик бақша шөлкемлестирилген. Олардың Наўрыз қарсаңында ашылғаны ата-аналар ушын байрамға тән саўға болды.
Ишки имканиятларды иске қосып, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў принципи бул мәҳәлледе де көзге тасланады. 70 саўда ҳәм хызмет көрсетиў шақапшасы, 2 өндирис кәрханасында көпшилик шаңарағын бағып атыр. Президентимиздиң бийлиги менен жәрияланған әҳмийетли бир айлық шеңберинде қыйтақ жерден үнемли пайдаланыў, аўыл хожалығы егинлерин егиў қызғын даўам етпекте.