Мәмлекетимизде инвесторларға жаратылған қолайлықлар себепли экономикада жеке меншик сектордың үлеси артып бармақта. Тиккелей инвестициялар киргизилип, санаат, қурылыс, саўда, хызмет көрсетиў тараўларында перспективалы жойбарлар әмелге асырылмақта.
Пайтахтымыздың Юнусабад районында қурылған “High Town City” комплекси солардың бири. Ол кең көлемли болып, саўда ҳәм кеўилашар орай, бизнес орайы, мийманхана ҳәм заманагөй турақ жайларды өз ишине алған. Оған 510 миллион доллар толық сырт ел инвестициясы қаратылған.
Мәмлекетимиз басшысы саўда орайындағы заманагөй саўда ҳәм хызмет түрлерин көзден өткерди. 4 қабатлы имаратта саўда дүканлары, соның ишинде, белгили брендлердиң шақапшалары ашылған. Ресторан ҳәм кафелер, кеўилашар ойын майданшалары, спорт майданлары, кинотеатрлар халық хызметинде. Жер астында автомобиль турыў орны бар.
Бир сөз бенен айтқанда, бул жерде адамлар саўда етиўи, дем алыўы, спорт пенен шуғылланып, ўақтын кеўилли өткериўи ушын барлық шараятлар жаратылған. Комплекс бир күнде 5 мың адамға хызмет көрсетиў қуўатлылығына ийе. Онда 1 мың 500 адам жумыс пенен тәмийинленди.
Президентимиз комплекстиң экономикалық әҳмийети ҳәм халық ушын қолайлылығын атап өтип, инвестор ҳәм исбилерменлерге жәрдемлесиў буннан кейин де мәмлекетимиз сиясатының стратегиялық бағдары болып қалатуғынын атап өтти. Миллий өнимлеримизди брендке айландырыў, оларды сыртқы базарларда таныстырыў бойынша жуўапкерлерге көрсетпелер берди.
Саўда орайында ықшам китап дүканы да ашылған. Шавкат Мирзиёев бул басламаны қоллап-қуўатлап, метро бәндиргилеринде, күтиў орынларында да ықшам китап дүканларын шөлкемлестириў мақсетке муўапық екенин айтты.
Мәмлекетимиз басшысы ойын майданшасындағы балаларды көрип, шын кеўилден итибарын билдирди. Бүгинги барлық ҳәрекетлер мәмлекетимиз келешеги ушын исленип атырғаны, буның ушын балалар жақсы оқып, ақылый ҳәм дөретиўшилик потенциалын раўажландырып барыўы керек екенлигин атап өтти.
Жақында 24 қабатлы, бес жулдызлы мийманхана да қурылыўы режелестирилген. Онда 250 хана болып, бир ўақыттың өзинде 430 адамға хызмет көрсетиў имканиятына ийе болады. Үлкен ҳәм киши конференция заллары, жүзиў бассейнлери, ресторан ҳәм дүканларда заманагөй қолайлықлар жолға қойылады.
Мәмлекетимиз басшысына бул жерде қурылатуғын заманагөй турақ жайлардың жойбары таныстырылды. Оған бола, 1 мың 500 квартирадан ибарат 28 көп қабатлы турақ жай қурылады. Комплекс ҳәўлиси автомобиллер ушын жабық ҳәм жасыл аймақ болады. Балалар бақшасы, ойын майданшасы, теннис корты, жер асты автомобиллер туратуғын орын шөлкемлестириледи. Комплекс аймағы толық Wi-Fi менен қамтып алынады ҳәм имаратларда шаўқымсыз лифтлер орнатылады.
Ташкент қаласында жәмийетлик транспортты раўажландырыў жойбарлары да көрип шығылды. Бизге белгили, Ташкент метрополитенин Ташкент трактор заводы массивине шекем алып барыў режелестирилген. Президентимиз алдын усынылған жойбарларды қайта көрип шығыў, басқа да альтернатив усыныслар киргизиў бойынша тапсырма берген еди. Соған муўапық таярланған жаңа жойбарға бола, Уллы жипек жолы метросынан Ташкент трактор заводы массивине шекем 10 бәндирги қурылады. Бул тармақ 30 мәҳәлле, 148 мың халықты қамтып алады.
Және бир жойбарға бола, Бектемир районында Шыршық дәрьясы жанында көп қабатлы турақ жайлар, саўда ҳәм хызмет имаратларын қурыў нәзерде тутылған. Буның нәтийжесинде районда урбанизация жеделлесип, жаңа орай пайда болады.