Парагвай Республикасы Президенти Өзбекстанға келди

    Парагвай Республикасы Президенти Сантьяго Пенья 11-декабрь күни рәсмий сапар менен мәмлекетимизге келди.

    "Ташкент-Хумо" халықаралық аэропортында жоқары мәртебели мийманды Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Жамшид Қўчқоров ҳәм басқа да рәсмий шахслар күтип алды.

    Ташкент қаласында жоқары дәрежедеги сөйлесиўлер болып өтеди, онда сиясий, саўда-экономикалық ҳәм мәдений-гуманитарлық тараўларда Өзбекстан - Парагвай бирге ислесиўин раўажландырыў перспективалары көрип шығылады.

    Аўыл хожалығы, азық-аўқат ҳәм химия санааты, санластырыў, туризм ҳәм спорт тараўларында әмелий бирге ислесиўди жолға қойыўға айрықша итибар қаратылады.

    Парагвай жетекшиси Халықаралық автомобиль федерациясы Бас ассамблеясында ҳәм федерация қәўендерлигинде өткерилетуғын чемпионатлардың жеңимпазларын сыйлықлаў мәресиминде де қатнасады.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates