Сербия Республикасы Президенти Өзбекстанға келди

    Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң мирәт етиўине бола 28-октябрь күни Сербия Республикасы Президенти Александр Вучич өмирлик жолдасы менен рәсмий сапар менен елимизге келди.

    Ташкент халықаралық аэропортында жоқары мәртебели мийманды Өзбекстан Республикасының Бас министри Абдулла Арипов ҳәм басқа да рәсмий шахслар күтип алды.

    Сапар бағдарламасына муўапық Ташкент қаласында жоқары дәрежедеги сөйлесиўлер болып өтеди, олар даўамында көп қырлы Өзбекстан - Сербия бирге ислесиўин буннан былай да раўажландырыў перспективалары додаланады.

    Александр Вучич, сондай-ақ, усы ҳәптеде Самарқанд қаласында басланатуғын ЮНЕСКО Бас конференциясының 43-сессиясында ҳүрметли мийман сыпатында қатнасады.