Сербия Өзбекстанда ислеп шығарылған арнаўлы аяқ кийимлерге қызығыўшылық билдирди

    Бизнес 30 қазан 2025 2378

    Сербия Президенти Александр Вучичтиң Өзбекстанға рәсмий сапары шеңберинде бизнес-форум ҳәм миллий өнимлер көргизбеси болып өтти. Онда Сербия жетекшиси мәмлекетимиздиң былғары санааты кәрханаларының өнимлери менен танысты.

    Көргизбеден орын алған арнаўлы аяқ кийим моделлери, заманагөй дизайн ҳәм өнимлердиң жоқары сапасы Сербия тәрепинде үлкен қызығыўшылық оятты. Сербия Президенти Өзбекстан өнимлериниң халықаралық стандартларға муўапықлығын жоқары баҳалап, оларды Сербияға экспорт етиўден мәпдар екенин билдирди.

    Сербия Республикасы Ишки ҳәм сыртқы саўда министрлиги менен биргеликте бул бағдардағы бирге ислесиўди кеңейтиў басламасы алға қойылды. Бул баслама еки мәмлекеттиң экономикалық ҳәм өндирислик шериклигин жаңа басқышқа алып шығыўы күтилмекте.