Мәмлекетимиз басшысының басшылығында өткен илажда Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банкиниң президенти Одиль Рено-Бассо, “Masdar”, “Indorama”, “ACWA Power”, “Vision Invest”, “DataVolt”, “Veon”, “Boeing”, “Air Products”, “SpaceX”, “Meta”, “John Deere”, “Franklin Templeton”, “Suez”, “EDF”, “Total Energies”, “Voltalia”, “Orano”, “Linde”, “Claas”, “Sojitz”, “Bomi”, “OTP Bank”, “Goldwind”, “Çalik”, “Çengiz”, “Aksa”, “JBIС” сыяқлы жетекши компания ҳәм банклердиң басшылары, сондай-ақ, халықаралық шөлкемлер ҳәм финанс институтлары - Экономикалық бирге ислесиў ҳәм раўажланыў шөлкеми, Халықаралық финанс корпорациясы, Азия раўажланыў банки, Ислам раўажланыў банки ҳәм Халықаралық ислам саўда-қаржы корпорациясының ўәкиллери қатнасты.
Кеңестиң тийкарғы ўазыйпалары табыслы тәжирийбе ҳәм жәҳән әмелиятынан келип шыққан ҳалда мәмлекетти инвестициялық, санаат-технологиялық ҳәм инновациялық раўажландырыўдың ең әҳмийетли бағдарлары бойынша мәсләҳәт бериў және Өзбекстан Ҳүкимети менен сырт ел инвесторлары арасында ашық-айдын пикирлесиўди тәмийинлеўден ибарат.
Мәмлекетимиз басшысы мәжилисти ашып, күни кеше өткен төртинши Ташкент инвестициялық форумының пайдалы нәтийжелерин атап өтти ҳәм кеңес ағзаларына Жаңа Өзбекстанның раўажланыўына қосып атырған үлеси ҳәм жәрдеми ушын миннетдаршылық билдирди.
Кеңестиң алдынғы мәжилислери нәтийжели болғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Атап айтқанда, халықаралық финанс шөлкемлери менен ислесиўдиң пүткиллей жаңа форматына өтилди, нәтийжели бирге ислесиў системасы енгизилди, өз-ара пайдалы шериклик тармақлары кеңейди.
Соның ишинде, Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банки өткен жылы Өзбекстанға рекорд муғдарда - дерлик 1 миллиард доллар инвестиция киргизди. Мәмлекетимиз банктиң региондағы ең ири шеригине айланды.
Сондай-ақ, халықаралық финанс шөлкемлериниң жеке меншик сектор менен бирге ислесиўи сезилерли дәрежеде күшейди. Жеке меншик компания ҳәм банклер менен биргеликтеги жойбарлардың көлеми 1 миллиард доллардан артты.
Бул ретки мәжилисте қатнасып атырған компаниялар "жасыл" энергетика, шығындыларды қайта ислеў, электр энергиясын сақлаў, "жасыл" водород ислеп шығарыў ҳәм басқа да тараўларда жаңа жойбарларды баслады.
Атап айтқанда, "ACWA Power", "Masdar", "Linde", "Shanghai Renewable Energy" ва "Total Energies" компаниялары 8 миллиард доллардан аслам инвестиция киргизип, "жасыл" экономика раўажланыўына үлкен үлес қоспақта.
Өзбекстанның санлы технологиялар тараўына дүняға белгили абырайлы компаниялар да жедел кирип келмекте. “DataVolt” компаниясы региондағы ең ири "жасыл" мағлыўматлар орайын қурыў, “Veon” болса жасалма интеллектке тийкарланған мобил суперқосымшаны жаратыў бойынша жойбарларды әмелге асырмақта.
- Буны сырт ел инвесторларының реформаларымыз ҳәм ашық-айдынлық сиясатымызға болған жоқары исениминиң көриниси, деп билемен, -деди Президент.
Кеңеске ағза Халықаралық финанс корпорациясы, "Ernst&Young", "Dentons", "Knauf" ҳәм "TBC" компаниялары тәрепинен миллий нызамшылықты халықаралық стандартлар тийкарында және де жетилистириў бойынша бир қатар усыныслар билдирилди. Олардың жаңа баслама ҳәм идеялары 10 нан аслам нызам, пәрман ҳәм қарарларда өз көринисин тапты.
Мәмлекетимиз басшысы бизнес ушын базалық салық ставкалары 2028-жылға шекем өзгермейтуғынын мәлим етти.
Улыўма, инвестициялық орталықтың жақсыланғаны нәтийжесинде кейинги 2 жылда елимизде сырт ел капиталының қатнасыўында 5,5 мың жаңа кәрхана шөлкемлестирилип, олардың саны 16 мыңға жетти.
Атап өтилгениндей, бүгинги ушырасыўға таярлық шеңберинде сырт елли бирге ислесиўшилердиң 40 тан аслам басламалары сайлап алынды. Атап айтқанда, инвесторлар тәрепинен салық нызамшылығының турақлылығын тәмийинлеў, тиккелей әмел ететуғын нызамлар санын көбейтиў, инфраструктура жойбарларында жеке меншик сектордың қатнасын кеңейтиў бойынша усыныслар билдирилди.
Усы жылы жол қурылысы, транспорт, энергетика, суў тәмийнаты, ирригация ҳәм басқа да тараўларда дерлик 4,5 миллиард долларлық мәмлекетлик-жеке меншик шериклик жойбарлары басланған. Финанслық есабаттың, сондай-ақ, экологиялық, социаллық ҳәм корпоративлик басқарыўдың халықаралық стандартларына өтиў бойынша нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер ислеп шығылмақта.
Келип түскен усыныслар тийкарында гиреў ҳаққындағы нызамшылықты жетилистириў, сырт ел компаниялары ушын профессионал кадрлар таярлаў, жергиликли компанияларда корпоратив басқарыўды жақсылаў, салық ҳәкимшилиги бойынша қосымша жумысшы топарлар шөлкемлестириледи.
Кеңес Секретариатының еркинлигин арттырыў ҳәм оны айрықша юридикалық шахс сыпатында қайта шөлкемлестириў усыныс етилди.
Шығып сөйлеген кеңес ағзалары Жаңа Өзбекстандағы кең көлемли реформалар бағдарламасының нәтийжелерин жоқары баҳалады. Мәмлекетимиз басшысына инвестициялық жумысты ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлап атырғаны ҳәм өз-ара пайдалы бирге ислесиўди даўам еттириўге исенимли умтылысы ушын миннетдаршылық билдирилди.












