Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 23-апрель күни Самарқанд қаласына келди.

Бүгин мәмлекетимиз басшысы Россия Федерациясы сыртқы ислер министри Сергей Лавров пенен ушырасыў өткереди.

Күнниң екинши ярымында түркмен халқының миллий жетекшиси, Түркменстан Халық Мәсләҳәти Баслығы Гурбангули Бердимуҳамедов сапар менен мәмлекетимизге келеди. Жетекшилер сөйлесиўлер өткериўи ҳәм бир қатар илажларда қатнасыўы режелестирилген.