Сөйлесиў алдында жетекшилер кирип киятырған Жаңа жыл менен бир-бирин қызғын қутлықлап, еки мәмлекеттиң туўысқан халықларына тынышлық-парахатшылық, абаданлық ҳәм раўажланыў тиледи. Мәмлекетимиз басшысы Түркменстан Президенти Сердар Бердимуҳамедовты да қызғын қутлықлады.
Өзбекстан ҳәм Түркменстан арасындағы дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықларын жоқары дәрежеде ерисилген келисимлер шеңберинде және де раўажландырыўдың әҳмийетли мәселелери көрип шығылды.
Барлық дәрежедеги жедел сөйлесиўлер қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Өз-ара товар алмасыў ҳәм жүк тасыў көлеми жедел артып бармақта. Энергетика, санаат, аўыл ҳәм суў хожалығы, транспорт тараўларында кооперация кеңеймекте. "Шовот-Тошовуз" шегараалды саўда зонасының жумысы жолға қойылды. Аймақлараралық, исбилерменлик ҳәм мәдений-гуманитарлық алмасыўлар жеделлести.
Регионаллық бирге ислесиўдиң әҳмийетли мәселелери бойынша да пикир алысылды.
Мәмлекетимиз басшысы Түркменстан бийтәреплигиниң 30 жыллығы ҳәм "Халықаралық тынышлық ҳәм исеним жылы" мүнәсибети менен Авазадағы ири саммитлер ҳәм Ашхабадтағы Форум табыслы өткенин айрықша атап өтти.
Келеси жылдағы ушырасыўлар режеси көрип шығылды, халықаралық ҳәм регионаллық илажларды биргеликте өткериўди даўам еттириўге келисип алынды.