Венгрия тәрепинен “OTP Bank”, “BDPST Group”, “4iG”, “Indotek”, “MVM”, “Duna Group”, “MOL Group”, “H2O Consortium”, “Inpark”, “Wizz Air” ҳәм басқа да көплеген компаниялардың топ-менеджерлери ҳәм шөлкемлестириўшилери қатнасты.
Мәмлекетимиз басшысы өзиниң шығып сөйлеген сөзинде рәсмий сапар Венгрия исбилерменлери менен ушырасыўдан басланып атырғаны рәмзий мәниге ийе екенин атап өтти.
Венгрияның Өзбекстан экономикасына тиккелей инвестициялары жедел өсип атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Мәселен, "OTP Bank" Өзбекстанның ири банклеринен бирин сатып алып, елимиздиң финанс базарында турақлы орын ийеледи.
Компанияның автокредитлеўди раўажландырыў ушын биргеликте компания шөлкемлестириў, бизнести қаржыландырыў бағдарламасын жолға қойыў, ири қусшылық кластерин қурыў бойынша жаңа режелери қоллап-қуўатланды.
Санаат кооперациясын кеңейтиў ҳәм алдынғы технологиялар трансферин қоллап-қуўатлаў мақсетинде Ташкент ўәлаятында Европа компаниялары ушын арнаўлы санаат зонасы шөлкемлестирилмекте. Бул аймақты басқарыў Венгрияның "Inpark" операторына бериледи.
Экономикалық шерикликти кеңейтиў мақсетинде Өзбекстан Президенти бир қатар тийкарғы бағдарларды көрсетип өтти. Биргеликтеги жойбарларды бирге қаржыландырыў ҳәм таяр өнимлерди үшинши мәмлекетлердиң перспективалы базарларына экспорт етиўди қоллап-қуўатлаў усылардың қатарына киреди.
Транспорт жағынан өз-ара байланыслылықты күшейтиў, атап айтқанда, жүк тасыўды көбейтиў ҳәм еки мәмлекет арасында тиккелей авиақатнаўларды раўажландырыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Мәмлекетимиз басшысы Венгрия компанияларының биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыўға қызығыўшылығын жоқары баҳалады. Өз гезегинде, бизнес ўәкиллери бирге ислесиўди кеңейтиў бойынша усыныс ҳәм режелерин билдирди.
Ушырасыўда транспорт ҳәм жол инфраструктурасын модернизациялаў, логистика орайлары ҳәм коммуналлық тармақларды қурыў, қурылыс материаллары, таяр тоқымашылық, химия, фармацевтика өнимлерин ислеп шығарыў сыяқлы бағдарларда жаңа жойбарларды әмелге асырыў бойынша келисимлерге ерисилди.
Сөзиниң жуўмағында мәмлекетимиз басшысы бундай ушырасыўларды турақлы өткерип барыўды усыныс етти.
- Биз мәмлекетлеримиздиң исбилермен топарлары арасындағы беккем байланысларды раўажландырыў ушын барлық шараятларды жаратамыз,-деди Өзбекстан Президенти.
Илаж соӊында мәмлекетимиз басшысыныӊ қатнасыўында тийкарғы инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў бойынша келисимлер алмасыў мәресими болды.