"Пулково" халықаралық аэропортында жоқары мәртебели мийманды қала губернаторы Александр Беглов ҳәм басқа да рәсмий шахслар күтип алды.

Сапар етиў бағдарламасы шеңберинде 21-22-декабрь күнлери Өзбекстан жетекшиси Жоқары Евроазия экономикалық кеңесиниң гезектеги мәжилисинде бақлаўшы статусында ҳәм ҒМДА мәмлекет басшыларының рәсмий емес ушырасыўында қатнасады.

Саммитлердиң күн тәртибинен усы көп тәреплеме бирлеспелер шеңбериндеги өз-ара пайдалы бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиўдиң әҳмийетли мәселелери орын алған.

Дәстүрге бола, биргеликтеги жумыслардың тийкарғы жуўмақлары шығарылып, келеси жылда әмелий бирге ислесиўдиң тийкарғы бағдарлары бойынша пикир алысылады.