Өзбекстан Президенти Қытай Мәмлекетлик кеңесиниң Бас министри менен ушырасыў өткерди

    Сиясат 2 қыркүйек 2025 1909

    Пекин қаласына рәсмий сапары шеңберинде 2-сентябрь күни Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң ҚХР Мәмлекетлик кеңесиниң Бас министри Ли Цян менен ушырасыўы болып өтти.

    Көп қырлы әмелий бирге ислесиўди, бәринен бурын, саўда-экономикалық, финанслық-инвестициялық ҳәм гуманитарлық тараўларда және де кеңейтиў мәселелери көрип шығылды.

    Ушырасыў алдынан мәмлекетимиз басшысы ҚХР Мәмлекетлик кеңесиниң Бас министри ҳәм пүткил Қытай халқын Уллы Жеңистиң 80 жыллығы ҳәм Шанхай бирге ислесиў шөлкеминиң Тяньцзинь саммити табыслы өткерилгени менен қызғын қутлықлады.

    Еки мәмлекет жетекшилериниң сиясий ерк-ықрары ҳәм биргеликтеги ҳәрекетлери себепли Өзбекстан - Қытай қатнасықлары жаңа дәўирде барлық шараятларда стратегиялық шериклик ҳәм көп қырлы "жетик" бирге ислесиў дәрежесине көтерилгени атап өтилди.

    Өткен жылы товар алмасыў 14 миллиард долларға жетти ҳәм турақлы өсиўде даўам етпекте. Бул көрсеткишти өним жеткерип бериўди көбейтиў, экспорт ҳәм импорт тең салмақлылығын тәмийинлеў арқалы 20 миллиард долларға жеткериў имканияты бар екенлиги атап өтилди.

    Усы мақсетте Өзбекстанда стандартларды үйлестириў ҳәм өнимлерди Қытай талаплары тийкарында сертификатластырыў ушын биргеликтеги Квант метрология орайы ҳәм Регионаллық санаатты стандартластырыў орайын ашыў усыныс етилди.

    Биргеликтеги жойбарлар портфели 60 миллиард доллардан асламды қурамақта.

    Бул ретки сапарға таярлық шеңберинде "жасыл" энергетика, геология, химия, сийрек ушырасатуғын металларды терең қайта ислеў, көмир химиясы, транспорт инфраструктурасын модернизациялаў ҳәм санластырыў, аўыл ҳәм суў хожалығы, туқымгершилик, агровольтаика тараўларында жаңа жойбар усыныслары қәлиплестирилди.

    Илимий изертлеўлер ҳәм перспективалы стартапларды алға қойыў мақсетинде Өзбекстан - Қытай жасалма интеллектти раўажландырыў орайын шөлкемлестириў усыныс етилди.

    Қытайдың жетекши банк-финанс институтлары менен әмелий бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелери де көрип шығылды.

    Кәмбағаллыққа қарсы гүресиў бойынша арнаўлы төменги комитет мәжилиси ҳәм усы жылы Өзбекстанда өткерилип атырған екинши Аймақлар форумының жуўмақларына жоқары баҳа берилди.

    "Қытай - Қырғызстан - Өзбекстан" стратегиялық темир жолын қурыў жойбары бойынша Өзбекстан жумысты бөлип алып ислеўши шөлкемлерин тартқан ҳалда әмелий жумыслар алып барылмақта.

    Бул ретки сапар етиў шеңберинде Мәденият орайларын өз-ара ашыў ҳаққында келисимге қол қойылғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

    Усы жылы Өзбекстанда екинши Билимлендириў форумы болып өтеди. Чунцин қаласында биринши мәрте Кәсип-өнер билимлендириўи форумы өткерилди, бул бағдарда "Өзбекстан - Қытай альянсы" дүзилди. Өзбекстан аймақларында "Лу Бань устаханалары" ашылады.

    Ташкент ҳәм Самарқандтағы Конфуций институтлары нәтийжели жумыс алып барып атырғаны атап өтилди.

    Тәреплер авиақатнаўлар санын және де көбейтиў ҳәм туристлер алмасыўын жеделлестириў әҳмийетли екенлигин атап өтти.

    Жуўмағында Президентимиз ҚХР Мәмлекетлик кеңесиниң Бас министрин рәсмий сапар менен Өзбекстанға келиўге мирәт етти.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates